Өзбекстан – Европа Аўқамы бирге ислесиўи додаланды

14

Кеше Ташкенттеги Орайлық Азия халықаралық институтында Европа Аўқамының елимиздеги елшиси Тойво Клаардың ЕА ҳәм Өзбекстан қатнасықларына бағышланған баянаты тыңланды. Илаж институттың сырт ел дипломатиялық ўәкилханалары менен бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бағдарламасы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Мәжилисте Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Соның ишинде, Президент Шавкат Мирзиёевтиң жақында Брюссельге әмелге асырған сапарының нәтийжелери, “Европа Аўқамы – Орайлық Азия” форматы ҳәм “CA+” басламалары шеңбериндеги шерикликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына итибар қаратылды.

Мәжилисте ЕАның 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары, регионда турақлы раўажланыў, экономикалық бирге ислесиў ҳәм регионлараралық байланысларды буннан былай да беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды, сондай-ақ, Тойво Клаар тема шеңберинде қатнасыўшылардың қызықтырған сораўларына жуўап берди.

Д.Ҳакимов,

Ў.Ҳайитов (фото),

ЎзА