Өзбекстанда олимпия ҳәрекети жаңа басқышқа көтерилмекте

Кейинги жыллары күнделикли турмыс тәризимизге “Жасыл мәкан,” “Жасыл экономика,” “Жасыл энергия,” “Жасыл шаңарақ,” “Билимлендириў ушын қолайлы орталық,” “Бес баслама олимпиадасы,” “Олимпиада шыңлары” сыяқлы онлаған атамалар, жойбарлар кирип келди, бул тек ғана мәмлекетлик шөлкемлерде мийнет етип атырған қәнигелерди емес, ал мәмлекетимиздеги барлық тармақларды, халықтың қатламларын бирден-бир мақсетке бирлестириўге зәрүр шараятты жаратты.
Мәмлекетимиз басшысының “Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталық ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы пәрманында спорт арқалы халықтың саламатлығын беккемлеў, халықаралық майданда бәсекиге шыдамлы сайланды командаларды қәлиплестириў тийкарғы мақсетлерден бири етип белгиленген.
Быйыл Олимпиада ойынлары бағдарламасына киргизилген спорт түрлери бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ағзаларының 250 ден аслам абырайлы халықаралық жарысларда мүнәсип қатнасыўы тәмийинленди. Атап айтқанда, III Жаслар Азия ойынлары, VI Ислам тилеклеслиги ойынлары, жаслар арасындағы параазия ойынлары, сондай-ақ, олимпиада спорт түрлери бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионатлары, халықаралық жарысларда мәмлекетимиздиң 500 ден аслам жанкүйер спортшыларының қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылды.

Артта қалып атырған 2025-жыл даўамында дзюдо, таеквондо WТ, қылышласыў, гимнастика, жүзиў, еркин гүрес, ҳаял-қызлар гүреси, грек-рим гүреси, академиялық ескек есиў ҳәм аўыр атлетика бойынша миллий сайланды команда ағзалары Олимпиада бағдарламасына киргизилген спорт түрлери бойынша 20 ға шамалас жәҳән чемпионатында қатнасты. Миллий сайланды командамыз ўәкиллери Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында 500 ден аслам медальларды қолға киргизип, Өзбекстан спортының халықаралық абырайын және де арттырды.
Миллий спортымыз гүрести дүнья көлеминде ғалаба ен жайдырыў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Быйыл жаслар арасындағы Азия ойынлары ҳәм “Ислам тилеклеслиги” ойынларында гүрес жарыслары өткерилиўи, көплеген мәмлекетлерде халықаралық турнирлер шөлкемлестирилиўи артынан жәҳән спорт майданларында өзбек тилиндеги сөзлер жаңлады. Байрағымыздан жылтыраған гүрес шапанларында чемпионлар ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды. Оларда 1 800 ден аслам спортшы қатнасты. Бул гүрестиң континентлер кесиминде барған сайын кеңнен ғалаба ен жайып атырғанынан дерек береди.
Олимпиада ҳәрекетиниң әҳмийетли бағдарларынан бири – миллионлар ойыны футболы бойынша шуғылланыўшылардың саны 32 мың 333 ке жеткерилип, бәсекиге шыдамлы футболшылар резерви қәлиплестирилди.

Бул ҳәрекетлер Өзбекстанда олимпиада ҳәрекетин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта. Сайланды командаларымыздың ири халықаралық ареналардағы қатнасыўы, медальлардың өсип баратырған саны ҳәм спорт инфраструктурасының кеңейиўи дүнья спорт картасында жаңа Өзбекстанның келбетин және де айқын көрсетпекте.
Елимизде денетәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм оларды профессионал спортқа бағдарлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған. 2025-жылдың жуўмақларына бола, спорт билимлендириў мәкемелерине қосымша 58 мың 482 қәбилетли спортшы жас қабыл етилип, нәтийжеде турақлы шуғылланатуғын жаслардың саны 11,5 процентке артты.
Бул процесс соңғы жыллары спорт билимлендириўи системасында алып барылып атырған реформалардың логикалық даўамы болып есапланады. Елимиз бойлап 300 ден аслам спорт мектеплери ҳәм қәнигелестирилген спорт-билимлендириў мәкемелериниң шөлкемлестирилип атырғаны денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшылардың үлеси 30 процентке жетиўине тийкар жаратты.

Бар спорт мектеплеринде халықтың саны ҳәм аймақлардың қәнигелесиўин есапқа алған ҳалда олимпиада спорт түрлери бойынша 200 ден аслам жаңа спорт секциялары жумыс баслады. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында 14, Әндижан ҳәм Жиззақ ўәлаятларында 16, Бухара ўәлаятында 18, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында 16, Наўайы ўәлаятында 13, Наманган ўәлаятында 11, Самарқанд ўәлаятында 9, Сырдәря, Ферғана ҳәм Ташкент қаласында 18, Ташкент ўәлаятында 17, Хорезм ўәлаятында 12 жаңа секциялар жолға қойылды.
Аймақларда спорт мектеплери тийкарында заманагөй шынығыў заллары ҳәм арнаўлы майданшалар қурылып атырғаны, айырым районларда болса спорт мектеплери реконструкцияланып, спорт түри ҳәм топарларының саны кескин арттырылып атырғаны бақланбақта. Ғалабалық спорт жарыслары арқалы болса жаслар ҳәм халықтың қатламларын қамтып алыў көлеми 12 миллионға жеткерилди.
Бул көрсеткишлер Өзбекстанда мыңлаған қәбилетли ул-қызлар ушын заманагөй спорт инфраструктурасы жаратылыўына хызмет етеди ҳәм профессионал тренерлер мектебине кеңнен жол ашылып атырғанын көрсетпекте.

Тўлқин РЎЗИЕВ, ӨзА