Мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликке ерисиў – инсан ресурсларын дурыс басқарыўға байланыслы

11

Президент жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ҳәм БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) басламасы менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң кадрлар менен ислесиў бөлимлериниң басшылары ушын оқыў-семинар шөлкемлестирилди. Онда шөлкемниң басшылары, жуўапкерлер, ФАО ўәкиллери, министрликлер ҳәм уйымлардың HR  бөлимлериниң басшылары қатнасты.

Илажда Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң басшылары мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликке ерисиў, бәринен бурын, инсан ресурсларын дурыс басқарыўға байланыслы екенлигине айрықша итибар қаратты.

HR  хызметкерлери системадағы барлық реформалардың әмелдеги ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады. Олар кадрлар потенциалын баҳалаў, дурыс жайластырыў, хошаметлеў ҳәм хызмет жумысын режели таллаў арқалы мәмлекетлик уйымларда нәтийжеге бағдарланған басқарыў мәдениятын қәлиплестиреди.

Усы мәнисте, инсан ресурсларын басқарыў тараўындағы профессионал қатнас мәмлекетлик уйымлардың стратегиялық ўазыйпаларын орынлаў, пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў ҳәм системаның турақлы нәтийжелилигин тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе.

HR  тараўына инновациялық қатнасларды енгизиў болса мәмлекетлик хызметте жаңа әўлад басшыларын таярлаў ҳәм улыўма басқарыўдың сапасын жоқары басқышқа алып шығыўдың тийкарғы факторы болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысының “Мәмлекетлик хызметте басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының мазмун-мәниси, тараўдағы зәрүрлиги ҳәм әҳмийети, белгиленген илажларды әмелге асырыўда HR  қәнигелери алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелилик, проактив басқарыў ҳәм нәтийжеге қаратылған қатнастың заманагөй тенденциялары додаланды.

Оқыў-семинар мәмлекетлик басқарыў тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, кадрлар менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм HR  процесслеринде бирден-бир нормаларды енгизиўге қаратылды.

Қатнасыўшылар оператив қарар қабыл етиў механизмлери, кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик хызметти профессионалластырыўдың жаңа бағдарлары менен танысты.

БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ўәкиллери тәрепинен гендер сиясатын жетилистириў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигине байланыслы халықаралық көзқараслар талланды.

Бул презентациялар қатнасыўшыларға глобаллық өзгерислер ҳәм миллий зәрүрликлер арасындағы өз-ара байланысты терең таллаў имканиятын берди. Буннан тысқары, сырт елде билим алған қәнигелерди мәмлекетлик басқарыўға тартыў ҳәм олардың жумысын хошаметлеўге қаратылған заманагөй механизмлер додаланды.

Оқыўдың әмелий бөлими сыпатында қатнасыўшылар “Artel” ири жеке меншик компаниясында HR әмелияты ҳәм talent management процесслери менен танысады. Ташкент қаласындағы “IT-park”те заманагөй кадрларды басқарыў, хызметкерлерди таңлаў ҳәм жумысқа қабыл етиў, жумыс нәтийжелилигин баҳалаў процесслерин тиккелей бақлайды.

Н.Абдураимова, Ў.Ҳайитов (сүўрет), ӨзА