«Арал»дың жаслық жигеринен, «Бухара»ның тәжирийбеси үстем келди

62

Нөкис олимпия ҳәм параолимпия спорт түрлерине таярлаў орайы мектебиниң стадионында «Арал» ҳәм «Бухара» футбол клубларының арасында Өзбекстан Суперлигасына өтиў ушын ойын болып өтти.

Қарақалпақстанлы неше мыңлаған футбол жанкүйерлериниң қоллап-қуўатлаўы менен өткен ойынның биринши таймында республикамыз командасы бир неше мәрте ҳүжимлерге өткен менен оннан нәтийже шықпады. Керисинше, қурамында Хорватия, Грузия ҳәм басқа сырт еллердиң футболшылары ойнап атырған «Бухара» командасы көплеген қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирип, ушырасыўдың 32-минутында грузиялы легионер Тома Табатадзе «Арал» дәрўазасына гол урыўға еристи.

Ушырасыўдың екинши таймында командамыздың бас тренери Нағметулла Қутыбаев ойынға Руслан Қалмағанбетов, Иззетулла Абдулҳақов сыяқлы шебер ҳүжимшилер ҳәм Муҳриддин Расулов, Дамир Нызанов, Аъзамжан Алиевтей тәжирийбели футболшыларды ойынға түсирип, ушырасыўда «Арал» командасының топты ийелеў ҳәм қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестириў бойынша көрсеткишин жақсылады. Деген менен дәрўазаға гол урыў мәселесине келгенде футболшыларымызға бираз тәжирийбе ҳәм шеберлик жетиспеди.

Солай етип, Про-лигада жақсы ойын көрсетип екинши орынды ийелеген «Арал» командасы өз жанкүйерлериниң тынымсыз қоллап-қуўатлаўына қарамастан бул ойында Суперлиганың тәжирийбели командасы есапланған Бухара ўәлаятының «Бухара» клубына минимал есапта жеңилип, Суперлига жолламасынан бос қалды.

Әлбетте, бул ойында «Арал»дың жас футболшыларының жаслық жигери ҳәм умтылысынан, «Бухара» клубының қурамында ойнаған легионерлердиң оғада бай тәжирийбеси ҳәм жоқары спорт шеберлиги үстин келди деп айта аламыз.

Командамызға болса, келеси мәўсимде жақсы ойынлар көрсетип, өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөлейтуғынлығына беккем исенип қаламыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы