Халықтың басламасы жолды жаңалады

22

Мәмлекетимизде әмелге асырылып киятырған «Басламалы бюджет» бағдарламасы тийкарында республикамыздың көплеген орынларында жолларды оңлаў ислери даўам етпекте.

Тақыятас районы “Абат мәкан” МПЖ аймағындағы 4-мектеп алдынан Үстирт көшесиниң ақырына шекем асфалтлаў жумыслары әмелге асырылды. Қурылыс жумыслары Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик шөлкеми буйыртпасы тийкарында “Төрткөл Шағбаз Транс” ЖШЖ тәрепинен орынланды.

Жойбардың орынланыўына 8 арнаўлы техника, соның ишинде, 2 каток, 1 асфальт жатқарыўшы ҳәм 10 жумысшы қатнасты. Бул қурылыс жумыслары “Басламалы бюджет” бағдарламасының 2025-жыл 2-мәўсиминде жеңимпаз болған жойбар тийкарында әмелге асырылды.

                                                             Қарақалпақстан хабар агентлиги