Кейтеринг тийкарында сапалы аўқатландырыў системасы қадағалаўда

19

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма билим бериў мәкемелериниң 1-4-класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў бойынша шығарған пәрманы айрықша әҳмийетке ийе.

Пәрманға тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тәжирийбе-сынақ түринде баслаўыш класс (1 – 4-класслар) оқыўшыларын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан бийпул аўқат пенен тәмийинлеў системасын енгизиў нәзерде тутылған.

Министрлер Кабинетиниң “Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, 2 кейтеринг шөлкеми тәрепинен Беруний районындағы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 71 улыўма билим бериў мектебиниң 1-класстан 4-класқа шекемги оқыўшыларына кейтеринг усылында сапалы аўқатлар жеткерип бериледи. Жеткерилген өнимлерди мектеп комиссиясы ағзалары тәрепинен қабыл етиўде сертификатлары, менюге сәйкеслиги, жарамлылық мүддети ҳәм сапасы тексерилип, сондай-ақ, Беруний районы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен ҳәр айда қадағалаў тексериўлери өткерип келинбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги