Хосе Антонио Каст Чили президенти етип сайланды

Талабан Хосе Антонио Каст Чилиде өткерилген президентлик сайлаўда жеңип шығып, ҳәзирги ўақытта ҳүким сүрип атырған орайлық шеп ҳүкиметти “таң қалдырды,” деп жазбақта “Al Jazeera” басылымы.
Атап өтилиўинше, бул сайлаўдың екинши турында Каст 58 процент даўыс алған. Оның тийкарғы қарсыласы үлке мийнет ҳәм социаллық қорғаў министри лаўазымында ислеген Коммунистлик партия ағзасы Жанет Хара болса 41,70 процент сайлаўшының қоллап-қуўатлаўына ийе болған.
Сайлаў бюллетеньлери есаплап шығылғанынан көп өтпей, Хара ҳәм оның “Чили ушын бирлик” коалициясы жеңилгенин тән алды.

Каст сайлаўалды кампаниясында мәмлекеттеги 300 мыңнан аслам нызамсыз мигрантларды шығарып жибериў, Чилиниң арқа шегарасын жаңа тосқынлықлар менен беккемлеў ҳәм ишки қәўипсизликте армияның ролин кеңейтиўди ўәде еткен. Соның менен бирге, ол дәслепки 18 ай ишинде мәмлекетлик қәрежетлерди 6 миллиард долларға қысқартыўды атап өткен.
– Бул жеке жетискенлик те, партия жетискенлиги де емес, бул демократияның жеңиси, – деди Каст өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.
Ў.Алимов, ӨзА