Юридикалық тәреплерге қоршаған орталыққа жеткерген зыянына сәйкес жәриймалар енгизиледи

46

Усы жылдың 9 айы даўамында мәмлекетимизде тоғай хожалықлары тәрепинен 200 гектар пайдаланылмай атырған жер майданлары өзлестирилип, тоғай фондындағы 151,4 мың гектар майданда тоғайзарлар жаратылған. “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында 71,9 мың, Бухара ўәлаятында 22,3 мың, Наўайы ўәлаятында 16 мың, Хорезм ўәлаятында 15 мың гектар майданда “жасыл қапламалар” жаратылған.

Сондай-ақ, 815,6 мың гектар егислик майданларында суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген. Ирригация ҳәм мелиорация тараўларында белгили жумыслар әмелге асырылған.

Бул ҳаққында парламенттиң төменги палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилисинде айтып өтилди. Онда депутатлар Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2025-жылдың тоғыз айындағы орынланыўын додалады. Фракция ағзалары тийкарғы итибарды экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы әмелий жумысларға қаратты.

Буннан соң депутатлар экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықларды тәртипке салыўға қаратылған нызам жойбарын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарындағы нормалар экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы нызамшылық талапларының бузылыўын сапластырыўға қаратылған.

Сондай-ақ, нызам жойбарында юридикалық тәреплерге қоршаған орталыққа жеткерилген зыян муғдарына сәйкес финанслық санкциялар енгизиў арқалы жуўапкершиликтиң сөзсизлигин тәмийинлеўге қаратылған нормалар нәзерде тутылмақта.

Эко фракция ағзалары бул нызам жойбары қоршаған орталықты қорғаў, инсан саламатлығына унамсыз тәсир етиўши факторларды азайтыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Бир қатар пикир-усыныслар билдирилип, ҳүжжет жойбары қоллап-қуўатланды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА