Тараўларға ажыратылып атырған бюджет қаржылары ўақтында өзлестирилмегениниң себеби неде?

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде дәслеп Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2025-жылдың 9 айы даўамындағы орынланыўы додаланды.
Бул есабат ҳаққында экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Отабек Фозилкаримов толық мағлыўмат берди.
Бюджет есабатында айтылыўынша, 2025-жылдың 9 айында жалпы ишки өним 7,6 процентке өскен. Есап бериў дәўиринде социаллық қәрежетлер ушын Мәмлекетлик бюджеттен 125,5 трлн. сум ямаса өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 17,6 трлн. сумға көп қаржы ажыратылған.
Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде 455 мектепте оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылып, буның ушын мәмлекетлик бюджеттен 2 триллионнан аслам қаржы ажыратылған. 95 медициналық мәкемеде оңлаў жумыслары әмелге асырылған. Халықты суў менен тәмийинлеў, мәҳәллелерди абаданластырыў мақсетлерине ҳәмде коммунал ҳәм жол хожалығы системасына қаржылар ажыратылып, белгили жумыслар орынланған.
Додалаўларда фракция ағзалары бюджеттиң орынланыўында нәтийжелиликти арттырыў, қаржылардан мақсетли пайдаланыў, сондай-ақ, бағдарланған бюджет қаржыларын өз ўақтында өзлестириў мәселелеринде бир қатар мәселелерди көтерди.
Атап айтқанда, депутат Наримон Умаров бир қатар бағдарларға ажыратылған бюджет қаржылары министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен өз ўақтында өзлестирилмегенине түсиник сорады. Депутаттың айтыўынша, онкологиялық кеселликлер ушын нәзерде тутылған қаржылардың 67 проценти, мәдений мийрасты сақлаў ушын ажыратылған қаржылардың 78 проценти, музейлер жумысы ушын нәзерде тутылған қаржылардың 47 проценти, Спорт министрлигине ажыратылған қаржылардың 13 проценти, Энергетика министрлигине бағдарланған қаржылардың 63,8 проценти ғана өзлестирилген. Депутат тоғыз ай даўамында неге буншелли аз қаржылар өзлестирилгениниң себеби менен қызықсынды.
Буған жуўап ретинде экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Отабек Фозилкаримов айырым жағдайларда тараўлардағы талапларды анықлаў, режелестириўде машқалалардың бар екенлигин, бул бағдарда санластырыў процеси әмелге асырылып атырғанын мәлим етти.
Сондай-ақ, жыл даўамында қосымша тапсырмалардан келип шығып, тараўларға қосымша қаржылар ажыратылып атырғанын айтып өтти.
Фракция ағзалары және бир қатар сораўларды ортаға таслап, тийисли жуўаплар алды.
Мәжилисте бир қатар нызам жойбарлары да көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА