Жаңа жеңислердиң беккем тийкары

Елимизде денетәрбия ҳәм спорт ҳәрекети жаңа басқышқа көтерилип атырғаны халықаралық майданда ерисилип атырған табысларда өз көринисин таппақта.
Өтип баратырған жыл даўамында елимиз спортшылары бир қатар комплексли жарысларда үлкен нәтийжелерге еристи. Олимпиада ҳәм паралимпия бағдарындағы спорт түрлериндеги 50 ден аслам жәҳән ҳәм континент чемпионатларында 700 ге шамалас медальлар дизбегин қолға киргизгени Өзбекстан спортының халықаралық абырайы жылдан-жылға жоқарылап атырғанын көрсетти.
Күни кеше Бирлескен Араб Әмирликлеринде 35 мәмлекеттиң 1 мың 312 жас пара спортшылары қатнасқан маўасасыз беллесиўлерде мәртлик ҳәм ерк-ықрар ийеси болған ўатанласларымыз 99 алтын, 57 гүмис ҳәм 41 қола медалына ийе болып, улыўма командалық есапта 1-орынды ийелегени Жаңа Өзбекстан жасларының потенциалын және бир мәрте көрсетти.
Пайтахтымыздағы Олимпиада қалашасында V Жаслар Параазия ойынларында елимиздиң абырайын мүнәсип қорғаған жас пара спортшылар ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң V жаслар Параазия ойынларында қатнасқан жас пара спортшыларымызға жоллаған қутлықлаўын Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева оқып еситтирди.
Илажда қатнасқан Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи, Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң директоры Мансур Оллоёров ҳәм спорт жәмийетшилигиниң ўәкиллери жас пара спортшыларымыздың ерискен табысы 2026-жылғы жәҳән ҳәм континент чемпионатлары, сондай-ақ, Параазия ҳәм Паралимпия ойынларындағы көрсеткишлерге унамлы тәсир көрсетиўи менен әҳмийетли екенин атап өтти.
Усы жерде және бир гәп. Буннан төрт жыл алдын Бахрейнде өткен IV Жаслар Параазия ойынларында Өзбекстан спортшылары 11 алтын, 1 гүмис, 4 қола, жәми 16 медаль менен улыўма командалық есапта 6-орынды ийелеген еди.
Елимиздиң ерк-ықрарлы жас пара спортшылары 2009-жылы Японияның Токио қаласында өткен Параазия ойынларында биринши мәрте 2 спорт түринен 11 спортшы менен қатнасып, 4 алтын, 3 гүмис, 1 қола медальларына ийе болған ҳәм улыўма командада 13-орынды ийелеген.
2013-жылы Куала-Лумпур қаласында (Малайзия) өткерилген II Жаслар арасындағы Параазия ойынларында Өзбекстан спорт делегациясы 4 спорт түринен 15 спортшы менен қатнасып, 6 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 қола медалы жағдайында 13-орынды ийелеген.
2017-жылы Дубай қаласында (БАӘ) шөлкемлестирилген III Параазия ойынларында болса ўатанласларымыз 3 спорт түринен 17 спортшы менен қатнасып, 20 алтын, 6 гүмис ҳәм 2 қола топлаған ҳәм 4-орынды ийелеген еди.
Төрт жыллық олимпиада дәўиринде пара спорт түрлеринде елимиздиң жас пара спортшылары улыўма есапта 99 алтын медальға ийе болыўында тренер-қәнигелердиң машақатлы мийнети, изленислери, дурыс көрсетпелери әҳмийетли фактор болғаны сыр емес.
Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында атап өтилгениндей, бул жеңис, тарийхый нәтийже мыңлаған жасларымызға мақтаныш, умтылыс ҳәм илҳам дереги, үлкен тәжирийбе мектеби болып хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.
Тўлқин РЎЗИЕВ,
Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзА