Жаңа технология әмелиятқа енгизилмекте

50

Кегейли районының Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Бекзад-Азат» фермер хожалығында аўыл хожалығында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын кеңнен енгизиў мәселелерине бағышланған көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Шуҳрат Ғаниев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша орынбасары, аўыл хожалығы министри Шуҳрат Тешаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын заманагөй суўғарыў усылларын, соның ишинде, қуяш панельлери арқалы ислейтуғын «KAVSAR» системасы технологияларын әмелиятқа енгизиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады. Қатнасыўшыларға бул технологиялардың абзаллықлары, суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўдағы орны ҳәм экономикалық жақтан пайдалылығы бойынша түсиниклер берди.

– Көргизбели семинар аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, фермерлердиң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болды, – дейди Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары Ислам Қайыпназаров. – Алдағы ўақытлары семинарда айтылған пикирлерди районымыз аймағында жайласқан хожалықларда да қолланыў ушын фермерлер ҳәм исбилерменлер арасында үгит-нәсият жумысларын жүргиземиз. Себеби, «KAVSAR» системасы тек электр энергиясын үнемлеп қоймастан, қаржы тәрепинен де пайдалы екен.

Сондай-ақ, илаж даўамында фермер хожалықлары басшылары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшылар жуўапкер басшыларға өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, билдирилген мүрәжатлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына  тапсырмалар берилди ҳәм олардың орынланыўы айрықша қадағалаўға алынатуғыны атап өтилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы