Мәмлекетлик нышанның әҳмийети атап өтилди

12

Нөкис қаласындағы 46-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын улыўма орта билим бериў мектебинде руўхый-ағартыўшылық илажлар шеңберинде 14-декабрь – Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам кешеси өткерилди.

Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов, Арқа-батыс әскерий округиниң 17071-әскерий бөлиминиң ўәкиллери М.Худайбергенов, У.Мирзанов, Д.Амиров, А.Юлдашев ҳәм Нөкис қалалық 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшылары Х.Сейтназаров ҳәм А.Қайпановлар қатнасты. Илажда мәмлекетлик нышынның әҳмийети ҳәм оған ҳәр бир пуқара ҳүрмет пенен қараўы лазым екенлиги атап өтилди.

Илажда баслаўыш класс оқыўшылары байрам сәнесине бағышланған қосықлар оқып, мийманларға өзлери салған сүўретлерди саўға етти. Сондай-ақ, музыка мектебиниң оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары миллий қарақалпақ қосықларын дуўтарда атқарды.

Байрам соңында илаж қатнасыўшылары классларға кирип, оқыўшыларды қутлықлады ҳәм Қарақалпақстан Республикасының байрақларын тапсырды.

                                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги