Дели қаласында саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелери додаланды

Ҳиндстанның жетекши саўда-санаат палаталарынан бири – «PHD Chamber of Commerce and Industry» (PHD CCI) да Өзбекстан елшиханасы тәрепинен мәмлекетимиздиң саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық имканиятларына бағышланған дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Илажда Ҳиндстанның 20 дан аслам жетекши компанияларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты. Бул ҳинд исбилермен топарларының мәмлекетимиз базарына қызығыўшылығы артып атырғанынан дерек береди.
Презентация даўамында дипломатиялық миссия ўәкиллери ҳәм Нөкистен барған экспертлер ҳиндстанлы шериклерди Өзбекстанда сырт ел инвестициялары ушын қолайлы орталық жаратып атырған басқышпа-басқыш реформалар менен ҳәр тәреплеме таныстырды.
Додалаўлардың орайлық темасы Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын усынылып атырған сийрек ушырасатуғын имканиятлар болды.
Ҳиндстанның бизнес жәмийетшилиги ўәкиллерине Қарақалпақстанда сырт елли инвесторлар пайдаланыўы мүмкин болған тийкарғы абзаллықлар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын жаратылған имканиятлар, қосымша салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин нәзерде тутатуғын арнаўлы ҳуқықый режим, таяр инфраструктураға ийе арнаўлы экономикалық зоналар ҳәм санаат парклеринде кәрханаларды шөлкемлестириў имканиятлары, жер ижарасының жеңиллетилген шәртлери ҳәм жойбарларды мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, инвестицияларды қорғаў кепилликлери ҳаққында сөз болды.



Биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын перспективалы бағдарлар сыпатында тоқымашылық санааты, фармацевтика ҳәм медицина үскенелерин ислеп шығарыў, мәлимлеме технологиялары ҳәм аутсорсинг, химия санааты, “жасыл” энергетика ҳәм туризм тараўлары белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги