“Бестселлер” заманында әдебияттың ҳақыйқый келбети қандай?!

Китап – инсан ой-пикирин қәлиплестириўши, оның руўхый дүньясын байытыўшы ҳәм дүньяқарасын кеңейтиўши ең күшли қураллардан бири. Ол тек ғана мәлимлеме дереги емес, ал инсан руўхыяты, әдеп-икрамлылығы ҳәм мәдениятын тәрбиялайтуғын шексиз мектеп болып есапланады. Бирақ ҳәр қандай китап та бул ўазыйпаны атқара бермейди. Дурыс таңланбаған шығарма, керисинше, оқыўшының талғамының сайызланыўына, әдебиятқа болған қатнасының жүзеки түс алыўына алып келиўи мүмкин. Бүгинги күнде әдебият әлеминде бақланып атырған ғалабалыққа умтылыў, “бестселлер” түсинигиниң абсолютластырылыўы усы машқаланы және де глобалластырмақта.
Әдебият тарийхына нәзер тасласақ, ҳәр бир дәўир өзиниң уллы дөретиўшилери ҳәм шығармалары менен есте қалғанын көремиз. Әлийшер Наўайы ғәзеллери менен инсан қәлбиниң ең нәзик қатламларын ашып берди, Бабур “Бабурнама” арқалы тарийх, шахс ҳәм ой-пикирдиң үнлеслигин жаратты. Абдулла Қадирийдиң “Өткен күнлер”и миллет тәғдирин көркем пикирлеў дәрежесине көтерген болса, Фёдор Достоевский “Телба” шығармасында инсан психологиясы ҳәм жәмийет қарама-қарсылықларын терең талқылады. Бул шығармалар ўақыт елегинен өтип, бүгин де өз қәдирин жоғалтпаған. Себеби, олар модаға емес, инсанияттың көркем ой-пикирин жоқарылатыўға хизмет еткен.

Бүгинги әдебий процессте болса басқа бир жағдай көзге тасланады. Көбинесе шығармалардың көркем-эстетикалық қунына қарағанда олардың базардағы орны, сатылыў дәрежеси үстин болып қалмақта. Китап текшелерин мотивациялық сүренлер, қысқа афоризмлер ҳәм тез оқылатуғын, бирақ тез умытылатуғын шығармалар ийелеп бармақта. Әлбетте, бундай китаплардың да қайсыдур мәниде өз орны бар. Бирақ олар әдебияттың бирден-бир өлшемине айланып қалса, бул үлкен машқала.
Тилекке қарсы, айырым жазыўшылар да заман талабын сылтаў етип, өзиниң ишки позициясын ҳәм көркем жуўапкершилигин шетке шығарып атырғандай. “Ҳәзир оқыўшы нени қәлейди, соны жазыў” принципи әдебияттың ишки нызамлықларына қайшы келеди. Себеби әдебият тек ғана талапты қанаатландырыў емес, ал талғамды тәрбиялаў, пикирлеўге ийтермелеў, сораў қойыў ҳәм жуўап излеў процеси болып есапланады. Егер жазыўшы тек ғана ғалабалықты гөзлесе, онда әдебият көркем өнер дәрежесинен, әпиўайы “өнимге” айланып қалады.
Аўдарма әдебиятында да тап усындай жағдай бақланбақта. Шығарма таңлаўда көркем баҳадаға қарағанда қаржы мәпи үстин қойылып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Нәтийжеде, жәҳән әдебиятының ең жоқары үлгилери емес, ал тез сатылатуғын, атамасы тартымлы шығармалар аўдарылмақта. Бул болса жас китапқумарларда әдебият ҳаққында надурыс түсиник қәлиплесиўине себеп болиўи мүмкин.
Ең қәўетерли тәрепи сонда, жаңа ғана әдебият әлемине қәдем қойып атырған китапқумарлар бундай “бестселлер” шығармаларды ҳақыйқый әдебият деп қабыл етип, оның терең руўхый қүдиретин сезбеў итималы бар. Әдебияттың жүзден бир бөлеги де сезилмейтуғын бундай шығармалар үлкен әдебий мектептиң орнын баса алмайды.
Соның менен бирге, бүгинги дөретиўшилик орталықты тек ғана унамсыз реңлерде көрсетиў де әдилликтен емес. Ҳәзир де терең ойлаў, көркем излениў ҳәм жуўапкершилик пенен жаратылып атырған баҳалы шығармалар бар. Тек ғана оларды көриў, үгит-нәсиятлаў ҳәм жәмийетшиликке жеткериўди кеңнен үгит-нәсиятлаў керек.
Әдебият тек өткинши танымалылық емес, ал мәңгилик руўхый мийрас. Ол инсанды ойлаўға, өзин ҳәм жәмийетти аңлаўға мәжбүр етиўи менен қәдирли. Соның ушын да ҳақыйқый әдебият ғалабалық нормалары менен емес, ўақыт сынағы менен баҳаланады. Бизиң ўазыйпамыз китапқумар сыпатында да, зиялы сыпатында да көркемлик қуны жоқары шығармаларды таңлаў, үгит-нәсиятлаў ҳәм әдебияттың негизги мәнисин сақлап қалыў болып табылады. Сонда ғана келешек әўлад әдебиятты тек ғана ойыншық ямаса мотивация қуралы емес, ал инсан руўхын жоқарылататуғын уллы көркем өнер сыпатында қабыл етеди.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА