«Бизнес шерик» жойбары әмелге асырылады
61

“Исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик, профессионал, консалтинг, финанслық, инжиниринг, маркетинг, медиа, IT ҳәм операциялық хызметлерди комплексли көрсетиў системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-375-санлы, 13.12.2025-ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Telegram-каналы хабар берди.
Мәлим етилиўинше, төмендегилер усы қарарды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсетлер етип белгиленди:
- 1000 нан аслам мәмлекетлик ҳәм жеке меншик хызметлерди “бир айна” принципи тийкарында көрсетиўди жолға қойыў арқалы исбилерменлердиң жумысына толық жәрдемлесиў системасын енгизиў;
- исбилерменлердиң мәселелерин ҳәм машқалаларын тыңлаў, додалаў ҳәм орнында шешиўге мөлшерленген сапа жағынан жаңа майданша жаратыў.
Сондай-ақ, усы қарарға бола, 2026-жыл 1-марттан исбилерменлик жумысына байланыслы мәмлекетлик хызметлер ҳәм айырым жеке меншик хызметлерди исбилерменлерге “бир айна” принципи тийкарында көрсетиў бойынша “Бизнес шерик” жойбары әмелге асырылады.
“Бизнес шерик” жойбары шеңберинде:
- Саўда-санаат палатасы жанында шөлкемлестирилетуғын жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен басқарылатуғын “Бизнес шерик” орайларының жумысы жолға қойылады;
- дәслепки басқышта “Бизнес шерик” орайлары Ташкент ҳәм Нөкис қалаларында және ўәлаятлар орайларында биреўден шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги