Айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша халықтың түсиниги арттырылмақта

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында «Пуқаралардың өрт ҳәм айрықша жағдайлардан, ҳаўа-газ араласпасының жарылыўының, зәҳәрли газден зыянланыўының алдын алыў бойынша илажлар» ҳәм «Коррупциялық жағдайлардың алдын алыў» темасында баспасөз конференциясы ҳәм «Ашық есиклер күни» өткерилди.
Илажда кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тараў жуўапкерлери ҳәм жаслар қатнасты.
«Өрт қәўипсизлиги айлығы» ҳәм «Аксилкоррупция айлығы» шеңберинде шөлкемлестирилген илаж даўамында мәўсимге көрилген таярлық жумыслары, пуқараларды өрт ҳәм айрықша жағдайлардан қорғаў, зәҳәрли газден зыянланыўдың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, системада коррупциялық жағдайлардың алдын алыў мәселесине итибар қаратылды.
Конференция даўамында Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының биринши орынбасары полковник Б.Оразбаев, бөлим баслықлары, майор А.Абдирахманов, капитан А.Юсупов, капитан Б.Султаниязов ҳәм басқалар журналистлер ҳәм жасларды қызықтырған барлық сораўларға жуўап қайтарды.
Буннан тысқары, қатнасыўшылар қутқарыўшылардың арнаўлы әсбап-үскенелери, олардың әмелий шынығыўлары ҳәм өрт-қутқарыў техникалары менен де жақыннан танысты.
Айрықша жағдайларда хабардар етиў илажлары ҳәм өрт өшириў ҳәм қутқарыў илажларын алып барыў ушын мөлшерленген арнаўлы техникалар ҳәм әсбап-үскенелердиң техникалық қәсийетлери түсиндирип берилди және тараўға байланыслы үгит-нәсият материаллары тарқатылды.


Жаслар арнаўлы техникалар ҳәм әсбап-үскенелерден пайдаланып көрди. Сондай-ақ, илаж шеңберинде жасларға контракт тийкарында әскерий хызметке қабыллаў тәртиби, оларға қойылатуғын улыўма талаплар ҳаққында да мағлыўмат берилип, тараўға байланыслы таярланған презентациялар ҳәм видеороликлер қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги