Үшинши Ренессанс – Жаңа Өзбекстан раўажланыўының идеялық тийкары

73

Мүнәсибет

Бүгинги күнде Президентимиздиң басламасы менен елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, әсиресе, руўхый-ағартыўшылық тараўда болып атырған кең көлемли жаңаланыўлар халықаралық майданда жоқары тән алынбақта. Өзбекстандағы өзгерислер тек ғана экономикалық реформалар менен шекленип қалмастан, ал жәмийеттиң руўхый ҳәм халық санасының жоқарылаўына тийкарланған стратегияны да өзинде жәмлестирмекте. Пакистанлы журналист ҳәм жазыўшы Муҳаммад Аббос Хонның “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепти” атамасындағы китабы Жаңа Өзбекстан раўажланыўының идеялық, руўхый ҳәм әмелий тийкарларын ашып беретуғын әҳмийетли дереклерден бири болып есапланады. Шығармада мәмлекетимиз тарийхындағы уллы ояныў дәўирлери – Биринши ҳәм Екинши Ренессанс мийрасы талқыланып, олардың тийкарында Үшинши Ренессанс идеясының мазмун-мәниси терең сәўлелендирилген. Китап оқыўшыны тек ғана тарийхый пикирлеўге емес, ал келешек ҳаққында жедел пикир жүргизиўге шақырады. Шығармада Үшинши Ренессанс идеясы Жаңа Өзбекстанды қурыўдағы стратегиялық мақсет сыпатында талқыланады.

Автордың атап өткениндей, бул процесс тек ғана экономикалық өсиў ямаса техникалық раўажланыў менен шекленип қалмай, ал инсан капиталын раўажландырыў, руўхый раўажланыў ҳәм интеллектуаллық потенциалды арттырыўды өз ишине алады. Әсиресе, илим, билимлендириў ҳәм инновациялардың үстин әҳмийетке ийе екени китаптың тийкарғы идеяларынан бири сыпатында көринеди. Автор шығармада Өзбекстанның соңғы жылларда сиясий, экономикалық, социаллық ҳәм руўхый тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалары системалы ҳәм үзликсиз түрде раўажланып атырғанын айрықша атап өтеди. Бул процесслер тынышлық, ағартыўшылық, қарым-қатнас, бирге ислесиў ҳәм раўажланыў сыяқлы қәдириятларға сүйенген ҳалда жәмийетти жаңалаў, пикир еркинлигин кеңейтиў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға хызмет етип атырғанын билдиреди. Халықаралық жәмийетшиликтиң бақлаўында Өзбекстанның ашық-айдынлыққа умтылыўы, регионаллық ҳәм глобаллық бирге ислесиўдеги белсенди позициясы, системалы ҳәм концептуаллық реформалары жоқары баҳаланып атырғанына итибар қаратады. Китапта жаслар мәселесине айрықша итибар қаратылғаны оның әҳмийетлилигин және де арттырады. Жас әўлад Үшинши Ренессанстың тийкарғы дөретиўшиси сыпатында көрсетилип, олардың билим алыўы, еркин пикирлеўи ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланыўы раўажланыўдың әҳмийетли шәрти екени тийкарлап берилген. Бул болса ҳәр бир оқыўшыны өз алдына үлкен мақсетлер қойыўға ийтермелейди. Сондай-ақ, шығармада миллий қәдириятлар ҳәм заманагөй раўажланыўдың үнлеслиги мәселеси терең сәўлелендирилген.

Автор миллий мийрасты қәстерлеп сақлаў менен бирге, оны заман талаплары тийкарында раўажландырыў зәрүрлигин атап өтеди. Бул қатнас Үшинши Ренессанс идеясының беккем руўхый тийкарға сүйениўине хызмет етеди. Бүгинги жетискенликлер тийкарында мәмлекет басшысының беккем ерк-ықрары, узақты гөзлеген стратегиялық көзқараслары ҳәм реформаларға садықлығы менен бир қатарда пуқаралық жәмийети институтларының белсендилиги, халқымыздың аўызбиршилиги турғаны, ертеңги күнимиз ушын жуўапкершилик ҳәм раўажланыўға болған исеним мәмлекетимиз раўажланыўының ҳәр бир басқышында тийкарғы фактор болып хызмет етип атырғанын атап өтеди.

Жуўмақлап айтқанда, “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепти” китабы жәмийетте жаңаша пикирлеўди қәлиплестириў, пуқаралардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм келешекке исеним руўхын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Бул шығарма ҳәр бир ўатанласымызды мәмлекеттиң раўажланыўына байланыслы екенин аңлаўға, өзиниң билим ҳәм потенциалы менен Үшинши Ренессанстың қурылысына үлес қосыўға шақырады.

Гүлжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги