Басқа мәмлекетте дүзилген неке Өзбекстанда бийкар етилиўи мүмкин бе?

Ҳуқықый қатнас
Россия пуқарасы ҳәм Өзбекстан пуқарасы Түркияда некеден өтти. Неке Өзбекстанда бийкар етилип атырғанда ерли-зайыптың мүлкин бөлиў мәселесине қайсы ҳуқық қолланылыўы керек?
Бул жағдай бойынша Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев төмендегише түсиник берди.
– Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 235-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда, басқа мәмлекет аймағында сол мәмлекеттиң нызамшылығына әмел еткен ҳалда Өзбекстан Республикасы пуқаралары арасында дүзилген ҳәм Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен шет ел пуқаралары ямаса пуқаралығы болмаған шахслар арасында дүзилген некелер, егер усы Кодекстиң 16-статьясында нәзерде тутылған некени дүзиўге тосқынлық ететуғын жағдайлар болмаса, Өзбекстан Республикасында ҳақыйқый деп тән алынады.
Атап айтқанда, Шаңарақ кодексиниң 16-статьясында неке дүзиўге тосқынлық ететуғын жағдайлар белгилеп қойылған болып, неке дүзиўге кеминде биреўи дизимге алынған басқа некеде турған шахслар арасында, нәсил шежиреси бойынша туўры тутасқан туўысқанлар арасында, туўысқан ҳәм өгей аға-инилер менен апа-сиңлилер арасында, сондай-ақ, перзентликке алыўшылар менен перзентликке алынғанлар арасында жол қойылмайды.
Сондай-ақ, кеминде биреўи психикалық бузылыўы (руўхый кеселлиги ямаса ақылы кемислиги) себепли суд тәрепинен мүмкиншиликке жарамсыз деп табылған шахслар арасында да жол қойылмайды.
Демек, жоқарыдағы 16-статьяда белгилеп қойылған некеге қарсылық ететуғын жағдайлар болмаса, Түркияда дүзилген неке ҳақыйқый деп тән алынады.
Соның менен бирге, кодекстиң 236-статьясы 2-бөлимине бола, Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда жасап атырған Өзбекстан Республикасының пуқарасы Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда жасап атырған ер (ҳаял) менен дүзилген некеден, бул шахс қайсы мәмлекет пуқарасы екенлигине қарамастан, Өзбекстан Республикасы судында ажырасыўға ҳақылы.
Ендигиден былай, тийкарғы мәселе некени бийкар етиўде ерли-зайыплылардың мүлкин бөлиўде қайсы нызамшылық қолланылатуғыны болып, Шаңарақ кодексиниң 236-статьясына бола, Өзбекстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасы пуқаралары менен сырт ел пуқаралары ямаса пуқаралығы болмаған шахслар арасындағы, сондай-ақ, сырт ел пуқаралары арасындағы некеден ажыратыў Өзбекстан Республикасы нызамшылығына муўапық әмелге асырылады.
Демек, ис Өзбекстан Республикасы судларында көрип шығылып атырған болса, некеден ажыратыў ҳәм ерли-зайыплылардың мүлкин бөлиў мәселеси де Өзбекстан нызамшылығына бола әмелге асырылады, деген менен олардан бири Россия пуқарасы болып, неке Түркияда дүзилген болса да.
Гулноза Бобоева,
ӨзА