Студент-жаслардың дослық ушырасыўы

31

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы жаслар арасында спорт арқалы дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў мақсетинде Әбиў Райхан Беруний атындағы Үргениш мәмлекетлик университети менен биргеликте «Спорт – дослық елшиси» сүрени менен спорттың мини-футбол, бадминтон, стол тенниси ҳәм шахмат түрлеринен дослық турнири өткерилди.

Онда дәслеп филиалдың споршы студентлери Беруний атындағы Үргениш мәмлекетлик университети тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.

Студент-жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, миллетлераралық татыўлық ҳәм дослықты беккемлеў, спорт арқалы аўызбиршилик руўхын және де жоқарылатыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыстың ашылыў мәресиминде Үргениш мәмлекетлик университетиниң биринши проректоры Д.Ибадуллаев, «Спорт клубы» баслығының орынбасары М.Раҳимов ҳәм филиал директорының Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Г.Хожаметов жарыс қатнасыўшыларына әўметлер тиледи.

Жарыс қызғын беллесиўлерге толы болып, онда еки жоқары оқыў орынларының студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы да қойып берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы