Жүзимбағда сервис компаниясы ашылды

80

Кегейли районы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Мәҳәлле сервис компаниясы»ның жаңа имараты қурып питкерилип, салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.

Сервис компаниясының ашылыў мәресиминде Кегейли районы ҳәкими А.Камалов ҳәм Өзбекстан Мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов қатнасып, жыйналғанларды усы әҳмийетли ўақыя менен қутлықлады.

Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен мәҳәлле сервис компанияларын раўажландырыў арқалы орынларда социаллық-экономикалық машқалаларды жедел шешиў ҳәм сол арқалы халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

– Бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 25-июньдеги “Мәҳәллелерди абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм келбетин түп-тийкарынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық әмелге асырылды, – дейди Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Азизбек Қудайназаров. – Жаңадан шөлкемлестирилип атырған бул сервис компаниясы аймағымызда жасаўшы 1032 хожалыққа 11 түрдеги хызметлерди көрсетеди. Атап айтқанда, үйлердиң иши, сыртын сыбаў, бояў, кепсерлеў, сантехника, жерлерди шүдигарлаў, тереклерди кесиў ҳәм путаў, шөплерди орыў ҳәм басқа да хызметлерди көрсетеди. Әлбетте, бул аймақ халқының машқалаларын жеңиллетиў менен бирге, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде оғада әҳмийетли болды.

Соңынан илаж қатнасыўшылары жаңа сервис компаниясының ишки имканиятлары менен жақыннан танысып, ондағы жаратылған шараятларды жоқары баҳалады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы