Нөкис қаласында жаңа спорт имаратлары пайдаланыўға тапсырылды

50

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги “2024-2026-жылларда Социаллық өндирислик инфраструктураны раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған Нөкис Олимпияда ҳәм паралимпияда спорт түрлерине таярлаў орайында жаңадан қурылған спорт залы, асхана ҳәм реконструкциядан шыққан жатақханалардың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Байрам Өтемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев ҳәм спорт ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Қызыл лента кесилип, қатнасыўшылар бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм илажда шығып сөйлегенлер жаңадан пайдаланыўға тапсырылып атырған спорт залының ашылыўы менен спортшыларды қызғын қутлықлап, бул жерде Азия, Жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлары жетилисип шығыўына тилеклеслигин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги