Президентимиздиң мақаласы үйренилмекте

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң “Жаңа Өзбекстан” газетасының 13-ноябрь күнги 234-санында “Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында” атамасындағы мақаласы басып шығарылған еди.
“Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалында мәмлекетимиз басшысының бул мақалада билдирген пикирлерин хызметкерлер арасында үгит-нәсиятлаўға бағышланған мәжилис болып өтти.
Онда филиалдың кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы В.Стаценко, филиалдың жетекши юристи Ш.Данияровалар Мәмлекетимиз басшысының “Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында” атамасындағы мақаласында келтирилген әҳмийетли тәреплерге тоқтап өтип, регионаллық бирге ислесиў, қәўипсизлик, ишки регионаллық саўданы раўажландырыў, гуманитарлық бирге ислесиў, сыртқы сиясат, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, транспорт логистикасын раўажландырыў, экологиялық машқалалар, жасыл экономика сыяқлы мәселелер бүгинги күнде биргеликте шешилип атырғанын атап өтти.



Мәжилисте қатнасыўшылар мақалада келтирилген мәселелер бойынша пикирлерин билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги