«Өзбекстан: Үшинши Ренессанс-раўажланыў концепти» китабы: Ўатанымыздағы жаӊаланыўларға қалыс нәзер

Мине тоғыз жылдан берли, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстанда алып барылып атырған жедел жаңаланыў процесслери, әсиресе, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы реформалар дүнья жәмийетшилигинде үлкен қызығыўшылық оятып, жоқары дәрежеде тән алынбақта.
Пайтахтымыздағы Өзбекстан Миллий китапханасында пакистанлы жазыўшы, журналист Муҳаммад Аббос Ханның “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепциясы” атамасындағы китабының презентациясында бул тәреплер және бир мәрте өзиниң айқын көринисин тапты.
Бул илажда Пакистан Ислам Республикасы ҳүкимети ағзалары, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, министрликлер, уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары, елимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, әдебият тараўының ғайраткерлери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султанов кейинги жыллары Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында әмелге асырылып атырған түпкиликли унамлы өзгерислер, әсиресе, руўхый-ағартыўшылық тараўлардағы жаңаланыў процесслери, олардың тек ғана Ўатанымыз емес, ал регионның раўажланыўына көрсетип атырған унамлы тәсири, жаңа Өзбекстанның жедел раўажланыў қәдемлери халықаралық көлемде айрықша ҳүрмет ҳәм итибарға ийе болып атырғаны ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти. Бул өзгерислер Өзбекстанға оның өз перзентиндей қатнаста болған пакистанлы журналист ҳәм жазыўшы Муҳаммад Аббас Ханның “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепциясы” атамасындағы китабында оғада қызғын, реал, қалыс, әдил түрде сәўлеленгени дыққатқа ылайық.





































Өзбекстан Илимлер академиясы Тарийх институтының директоры, Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң ағзасы Азамат Зиё, Пакистан Ислам Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў бойынша кеңесгөйи Муртазо Соланги, Пакистан Ислам Республикасы Бас министриниң саўда ҳәм санаат мәселелери бойынша координаторы Рана Ихсаан Афзал Хан, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының вице-президенти Баҳром Абдуҳалимов, Пакистан Ислам Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Фарук Аҳмад, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид ҳәм басқалар Муҳаммад Аббас Ханның бул китабы ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти.
Бул китап 2025-жылы урду тилинде пакистанлы журналист ҳәм жазыўшы тәрепинен көркем-публицистикалық жанрда жазылған.
Муҳаммед Аббас Хан Пакистан Ислам Республикасының “Даилй Иттеҳад” газетасының Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериндеги арнаўлы хабаршысы болып есапланады. Автордың атап өтиўинше, шығармада дүнья көлеминдеги мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў идеясы ағартыўшылық, тынышлық ҳәм қарым-қатнас сыяқлы қәдириятларға тийкарланған уллы өзгерислер жойбары екени көрсетип берилген. Ол, сондай-ақ, инсаниятты бирге ислесиўге шақырыў, тынышлық ҳәм қарым-қатнас сыяқлы қәдириятларға тийкарланған уллы өзгерислер жойбары, ўақытқа бойсынбайтуғын мәңги идеялардан бири сыпатында талқыланған.
Бул шығармаға Пакистан Бас министри мырза Муҳаммад Шаҳбоз Шариф кирис сөз жазып, китап “адамзат цивилизациясының келешектеги раўажланыўын терең аңлап жетиўге қаратылған излениў ҳәм ой-пикирлерди өзинде жәмлеген шығарма” екенин атап өтеди. “Бул китап қәдирли достым, Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў басламасын, оның идеялық концепциясын тереңирек аңлаўға жәрдем береди. Өзбек халқының уллы ата-бабаларының руўхый мийрасына сүйенетуғын бул уллы идея пүткил инсанияттың абадан келешегине хызмет етиўи гүмансыз” – деп көрсетип өтеди.
Пакистан Бас министри Өзбекстан тәжирийбеси Пакистанды да келешекте уллы жаңаланыўларға, ийгиликли умтылысларға илҳамландыратуғынына, китап, сөзсиз, инсанияттың келешеги, ағартыўшылықтың қәдир-қымбаты ҳәм жаңа пүткил жер жүзилик гуманизмди қәлиплестириўде Шығыстың тутқан әҳмийетли орнын және де айқын көрсетип, келешектеги уллы режелерге өз үлесин қосатуғынына исеним билдиреди.
Бул Пакистан мәмлекети ҳәм халқының Президентимиздиң идеялары ҳәм халықлар арасында бирге ислесиў және қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған глобаллық көлемдеги бир қатар басламалардың да жоқары тән алыныўы болып есапланады.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Саўаплы ис жақсы нийеттен басланады”, деген сөзлери, автор тәрепинен “шын мәнисиндеги өзгерислер инсанның жақсылық ҳәм әдилликке хызмет етиў тилегинен басланады”, деп талланған ҳәм китаптың философиялық тийкарын қурағанын атап өтиў керек.
Бул шығармада мәмлекетимиз басшысының адамгершиликке тийкарланған жаңаша пикирлеўи сәўлелендирилген. “Мениң пикиримше, – деп жазады Муҳаммед Аббас Хан өз шығармасында, – адамзат тарийхында мәмлекет ямаса империяның бар болыўынан да турақлырақ нәрсе бар. Бул – уллы идеялар. Олар тарийхтың бағдарын өзгертип, келешекти қәлиплестире алатуғын қүдиретли күш болып есапланады. Мине, усындай идеялардан бири – Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетте Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў идеясы, деп билемен. Себеби, Үшинши Ренессанс идеясы – ўақытқа бойсынбайтуғын мәңги идея болып есапланады. Мениң нәзеримде бул идея инсан ой-пикириниң теңсиз океанына қуйылатуғын қүдиретли дәрьяға уқсайды. Мениң пикиримше, бул идея тек ғана Өзбекстан келешеги ушын тийкар емес, ал жаңа, және де үйлесимли ҳәм нәтийжели дүньяны қәлиплестириўдиң инновациялық модели болып есапланады”.
Бул китап оқыўшыны терең пикирлеўге шақырады. Онда мәмлекетимиз басшысының “тарийх дийўал емес, ал көпирге, келешек болса бәсеки емес, ал бирге ислесиў майданына айланады”, деген пикирлери анық мысаллар ҳәм турмыслық ўақыялар арқалы билдирилген.
Шығармада, соның ишинде, Өзбекстанның миллий мәмлекетшилик раўажланыўының үш мың жылдан аслам тарийхый тәжирийбесине байланыслы бир қатар мысаллар келтириледи.
Китаптың дәслепки презентациясы усы жылдың октябрь айында Исламабадта болып өтти. Илажда Пакистан Ислам Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Ҳүкимети ағзалары, белгили сиясаттаныўшы ҳәм илимпазлар, аналитиклер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Онда “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепциясы” деп аталған бул шығарма, сөзсиз, тек ғана өз-ара түсинисиў дереги емес, ал Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды терең аңлаў гилти болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Пакистанлы сиясатшы ҳәм илимий экспертлердиң пикиринше, жазыўшы Муҳаммад Аббас Хан тәрепинен жазылған бул шығарма ҳәм онда көтерилген пикир ҳәм талқылаўлар тек ғана Пакистанда емес, ал Европа ҳәм басқа да мәмлекетлерде жоқары баҳаланбақта.
Ҳәзирги ўақытта “Өзбекстан: Үшинши Ренессанс – раўажланыў концепциясы” китабы өзбек тилинде де басып шығарылды.
– Мен көп жыллардан берли Өзбекстанда жасайман, – деди пакистанлы жазыўшы ҳәм журналист Муҳаммад Аббас Хан. – Оның халқы менен турақлы байланыстаман. Бул елде болып атырған жедел реформалар мени оғада илҳамландырады. Өзбекстанда үлкен унамлы өзгерислер жүз бермекте ҳәм олар өзиниң нәтийжесин көрсетпекте. Бул реформалар тек ғана Өзбекстанда емес, ал сырт елде де тән алынбақта.
Илажда Муҳаммад Аббас Ханның китабы, соңғы жылларда Өзбекстанда болып атырған уллы өзгерислер, турмыста өз көринисин таўып атырған ийгиликли идея ҳәм басламалар, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы тарийхый дослық байланыслары ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Коммуникациялар департаментиниң басшысы – Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов қатнасты.
Назокат Усмонова,
ӨзА