Саўға шәртнамасы ушын нотариал уйымға қандай ҳүжжетлер усынылады?

11

Ҳуқықый қатнас

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 502-статьясына муўапық, саўға шәртнамасы – бул бир тәреп (саўға етиўши) екинши тәрепке (саўға алыўшы) затты бийпул мүлк етип бериў ямаса бериў миннетлемесин алатуғын келисим.

Саўға шәртнамасы ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев төмендегилерди мәлим етти:

– Саўға шәртнамасын нотариал уйымда рәсмийлестириў ушын саўға етиўши ҳәм саўға алыўшының паспорты ямаса ID-карта усынылады.

Сондай-ақ, саўға етилип атырған мүлкти тастыйықлаўшы мүлк ҳуқықы гүўалығы ямаса кадастр ҳүжжети, Кадастр мағлыўматнамасы (көшпес мүлк ушын), зәрүр болса зайыбының ямаса биргеликтеги мүлк ийелериниң разылығы ҳаққындағы ҳүжжет керек болады.

Қәўендерлик ҳәм қайырқомлық уйымының разылығы (егер әмелий қәбилети шекленген шахс қатнасса), егер келисим ўәкил арқалы әмелге асырылса, исеним хатын усыныў керек болады.

Саўға шәртнамасы бийпул тийкарда дүзиледи. Егер зат ямаса ҳуқық орнына қандай да бир төлем ямаса зат алынатуғын болса – бул келисим саўға деп тән алынбайды.

Тийкар: Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси, 31-бап, 502-516-статьялар. Өзбекстан Республикасы “Нотариат ҳаққында”ғы Нызамы, 343-И (26.12.1996-жыл). Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-январьдағы 3113-санлы қарары – “Нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы Реже”.

Гулноза Бобоева, ӨзА