Пластик шығындылардың экологияға тәсири: илимпазлар қыстаўлы илажлар көриўге шақырмақта

2040-жылға келип глобаллық көлемде пластикалық шығындылардың көлеми жылына 280 миллион тоннаға жетиўи мүмкин, деп жазбақта “The Guardian” басылымы.
Экологлардың пикиринше, өсип баратырған машқаланың тийкарғы себеби – қадақлаў санааты. Усы жылы пластик қадақлаў (плёнкалар, сумкалар, шийше ҳәм ыдыслар) барлық глобаллық пластик шығындылардың 33 процентин қураған.
Изертлеўлерге бола, 2040-жылға барып системалы өзгерислер менен пластикалық патасланыўды 97 процентке азайтыў мүмкин. Атап өтиў керек, пластмасса қоршаған орталыққа зыян жеткериўден тысқары, денсаўлық ушын да қәўип туўдырады. Оның қурамында 16 мыңнан аслам химиялық элементлер, сондай-ақ, көплеген патасландырыўшы элементлер бар. Анализлер буларды гормонал бузылыўлар, туўылыўдың азайыўы, балаларда когнитив бузылыўлар, диабет ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери ҳәм рак қәўпи артыўы менен байланыстырады.
Және бир тәшўишли тәрепи – бул пластик өнимлерди ислеп шығарыўдың климатқа тәсири. Бул системадан шығатуғын жыллық ыссыхана газлери шығындылары 2025-жылы 2,7 ГтСО2 эквивалентин қураған болса, 2040-жылға келип олар 58 процентке артып, 4,2 ГтСО2 эквивалентине жетиўи мүмкин.
– Еле де үмит бар, дүнья жәмийетшилиги пластикти қайта ислеў системасын қайта жойбарластырыўы ҳәм патасланыў машқаласын бир әўлад ишинде шеше алады, – дейди “Pew Charitable Trusts” қайырқомлық қорының ўәкили Том Диллон. – Бирақ буның ушын қарарларды инсаният ҳәм планета мәплерин биринши орынға қойыў керек.
Гўзал Сатторова, ӨзА