Қараүй соғыў өнерин әўладтан-әўладқа жеткерип киятырған шымбайлы уста

2

Бәршеңизге мәлим, усы жылдың 8-13-декабрь күнлери Ҳиндстанның Нью-Деҳли қаласында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас бойынша ҳүкиметлер аралық комитетиниң 20-сессиясы өткерилмекте. Бул сессия республикамыз халқы ушын әҳмийетли ўақыяларға бай болып, халқымыздың дөретиўшилик мәденияты, турақ жай қурыў ҳәм архитектуралық билимлерин өзинде жәмлеген Қараүй (отаў) ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының РЕПРЕЗЕНТАТИВ дизимине, “Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери”  болса ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасын жедел қорғаў дизимине киргизилди.

«Қырғыз, Қазақ ҳәм Қарақалпақ отаўларын қурыўға байланыслы дәстүрий билим ҳәм көнликпелер» ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының РЕПРЕЗЕНТАТИВ дизимине киргизилгени пүткил халқымызды, әсиресе үйши усталарымызды үлкен қуўанышқа бөлемекте.

Қараүй қарақалпақ халқының дөретиўшилик мәдениятын, турақ жай қурыў ҳәм архитектуралық билимлерин жәмленген, әўладтан-әўладқа өтип киятырған мәдений мийрасы екенлигин атап өтиўимиз керек. Қараүй 6, 8, 12 қанатлы болып, басқа халықлардың отаўларынан айрықшаланып турады.

Бундай жетикенликлерде үрп-әдет дәстүрлеримизди, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған усташылық өнерин қәстерлеп-сақлап әўладтан-әўладқа жеткерип киятырған усталарымыздың орны айрықша.

Ɵзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Шымбай районында бир неше жылдан берли қараүй соғыӯ кәсиби менен шуғылланып киятырған жеке исбилермен Нурман Исмайловтың жумысларын ғалаба хабар қураллары арқалы кең жәмийетшиликке таныстырыӯ мақсетинде ѳнерменттиң жумыслары, жетискенликлери бойынша мағлыӯматлар берилди.

Отыз жылдан берли “Өнермент” ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң ағзасы болып киятырған Н.Исмайлов миллий дәстүрлеримизге әмел еткен ҳалда, ата-бабаларымыздан мийрас болып келген жоқары өнер – қараүй таярлаў көркем өнерин мүнәсип даўам еттирип келмекте.

Ол өз жумысын 1990-жылы әкеси, қараүй соғыў бойынша белгили өнермент Жаңабай Исмайловтың шәкирти сыпатында баслаған. Уста әкесиниң мийнет сүйгишлигин, шеберлик ҳәм көркем өнерге болған садықлығын өзине өрнек етип, 1994-жылдан баслап жеке тәртиптеги исбилермен (өнермент) сыпатында жумыс баслап, бүгинги күнге шекем ол қараүй соғыўдың сырларын республикамыздағы талантлы шәкиртлерине үйретип келмекте.

Н.Исмайловтың соққан қараүйлери сырт елли көркем өнер ықласбентлери тәрепинен де жоқары баҳаланып, дүнья жүзи бойлап кең итибарға ийе болмақта. Ол ҳәр бир жумысында миллий дәстүр, көркем безеў, жетик форма ҳәм көринислерди үйлестирген ҳалда, елимиздиң әййемги қол мийнети дәстүрлерин қәстерлеп сақлап, оларды кейинги әўладқа жеткериўди өзиниң турмыслық ўазыйпасы, деп биледи.

Н.Исмайлов ҳәр жылы “Өнермент” ассоциациясының ағзасы сыпатында таярлаған қараүйлери менен республика көлеминдеги ири илажларда – “Наўрыз”, “Ғәрезсизлик” байрамларында, аймақлық тармақлар аралық санаат ярмаркаларында ҳәм халықаралық таңлаўларда белсене қатнасып келмекте.

Оның мийнети мүнәсип баҳаланып, бир қатар сыйлықларға ийе болған. “Ташаббус-2002”, “Ташаббус-2008” таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында “Ең жақсы өнермент” бағдары жеңимпазы, ал “Ташаббус-2015” таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында 2-орынды ийелеген. Сондай-ақ, 2008-жылы Москва қаласында өткерилген халықаралық таңлаўға, 2015-жылы Ташкент қаласындағы таңлаўға, 2024-жылы Қазақстан Республикасында өткерилген халықаралық таңлаўға қатнасқан.

Н.Исмайлов үлгили шаңарақ баслығы, пидайы ҳәм тынымсыз излениўши шебер устаз сыпатында аўыл халқы ҳәм мийнет жәмәәти арасында үлкен ҳүрметке ийе. Оның мийрим-шәпәәти, адамгершилиги, өнерге садықлығы ҳәм халық әмелий көркем өнерин қәстерлеп сақлаўдағы үлеси жоқары баҳаланады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери