Парагвай Президенти алдынғы инновациялық имканиятларға ийе Олимпиада қалашасы менен танысты

Пайтахтымызда қурылған Олимпиада қалашасы халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының үлкен табысларына тийкар болады.
Мәмлекетимизге рәсмий сапар менен келген Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья 12-декабрь күни архитектуралық жақтан жетик, дүнья стандартларына сәйкес ең алдынғы инновациялық шешимлерди өзинде жәмлеген Олимпиада қалашасына барды.
Жоқары мәртебели мийманға Өзбекстан Республикасыныӊ спорт министри Адҳам Икромов ҳәм Миллий олимпиада комитети баслығының биринши орынбасары Отабек Умаров басшылық етти.
Ҳақыйқатында да, бүгин бул комплекс Жаңа Өзбекстанның имканиятларын тек ғана Азия емес, ал пүткил дүньяға көрсетпекте. 2022-жыл 9-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қалаша қурылысына тырнақ тасын қойған еди. Улыўма майданы 100 гектардан аслам болған комплексте жеңил атлетика ҳәм футболға қәнигелескен стадион, ҳәр қыйлы спорт жарысларына мөлшерленген жабық ҳәм ашық имаратлар қурылды.
Қалаша ишинде қуяш панельлери орнатылды ҳәм олар комплекс майданын электр энергиясы менен тәмийинлейди. Электромобильлерди қуўатлаў ушын да бәндиргилер шөлкемлестирилди.
Бул жерде велосипед жарыслары, стол тенниси, қылышласыў бойынша жарыслар ҳәм шынығыўлар өткериў имканиятлары жаратылды. 12 мың орынлық стадионда жасыл майдан ҳәм 9 қатарлы жуўырыў жолында жеңил атлетиканың 48 бағдары бойынша жарыс ҳәм салтанатлы мәресимлер өткериў мүмкин.
Суў спорты сарайында жүзиў ҳәм суўға секириў бассейнлери, бассейн ҳәм тренажёр заллары бар. Командалық спорт комплексинде болса волейбол, баскетбол ҳәм гандбол бойынша шынығыўлар ҳәм халықаралық жарысларды өткериў мүмкин. Жеке гүреслер комплекси дзюдо, бокс, таэквондо сыяқлы спорт түрлерин раўажландырыўға тийкар болады.
Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья Олимпиада қалашасында жаратылған шараятлар менен танысып, мәмлекетимизде спортқа болған итибардың қаншелли жоқары екенине шын мәнисинде исеним билдирди.
Дүнья спорт сахнасында Өзбекстан байрағының көтерилип атырғанына себеп болып атырған имканиятлардың тийкары нелерде екенлигине итибар қаратып, Өзбекстан жаслары бундай итибарға мүнәсип болып бара беретуғынын атап өтти.
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Носиржон ҲАЙДАРОВ (сүўрет),
ӨзА