Коррупция – раўажланыўға тосық: жуўапкерлер қатнасыўында әмелий сәўбет

Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында коррупцияға қарсы гүресиў айлығы шеңберинде министрликлер менен уйымлар хызметкерлериниң қатнасыўында “Ашық есиклер күни” өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы Б.Матмуратов, сондай-ақ, тараўға байланыслы қәнигелер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илаждың тийкарғы мақсети – мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын, олардың жәмийетшилик ҳәм пуқаралар алдында есап бериўин тәмийинлеў, хызметкерлерге коррупцияға қарсы гүресиўде маўасасыз позицияда болыў, ҳадаллықты кәсиплик жумыстың тийкарғы өлшеми сыпатында көриў зәрүрлиги, коррупцияға қарсы гүресиўдиң заманагөй механизмлерин әмелиятқа енгизиўден ибарат. “Ашық есиклер күни” хызметкерлер арасында коррупцияға маўасасыз қатнасты күшейтиў, ҳадаллық орталығын беккемлеў ҳәм профилактикалық илажларды және де нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Илаж даўамында қатнасыўшыларға коррупцияға қарсы гүресиў бойынша белгиленген тийкарғы бағдарлар, мәмлекетлик уйымларда ҳадаллық стандартларын енгизиў, ишки қадағалаў механизмлерин жетилистириў ҳәм ашық мағлыўматлар менен ислесиў процесслери бойынша тараў қәнигелери тәрепинен толық мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының 2017-жыл 3-январьдағы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамында тийкарғы түсиниклер берилген болып, онда коррупция – шахстың өз лаўазым ямаса хызмет дәрежесинен жеке мәплери ямаса басқа шахслардың мәплери жолында материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қайшы түрде пайдаланыўы, сондай-ақ бундай пайданы нызамға қайшы түрде усыныўы, деп көрсетилген. Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық – коррупция белгилери болған, исленгени ушын нызамшылықта жуўапкершилик нәзерде тутылған қылмыс, ал мәплер соқлығысыўы – шахстың жеке (тиккелей ямаса тиккелей емес) мәпдарлығы оның өз лаўазымлық ямаса хызмет миннетлемелерин тийисли дәрежеде орынлаўына тәсир көрсетип атырған ямаса тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәм жеке мәпдарлық пенен пуқаралардың, шөлкемлердиң, жәмийеттиң ямаса мәмлекеттиң ҳуқықлары, нызамлы мәплери арасында қарама-қарсылық жүзеге келип атырған (бар мәпдарлық соқлығысыўы) ямаса жүзеге келиўи мүмкин болған (мүмкин болған мәпдарлық соқлығысыўы) жағдай, деп тәрийипленген.
Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-июньдеги «Мәплер соқлығысыўы ҳаққында»ғы Нызамы Нызамшылық палатасы тәрепинен 2022-жыл 25-октябрьде қабыл етилген, Сенат тәрепинен 2023-жыл 1-июньда мақулланған. Усы Нызамның мақсети мәплер соқлығысыўы менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.
Усы Нызамның әмел етиўи мәмлекетлик уйымларға ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, мәмлекетлик мәкемелерге, мәмлекетлик унитар кәрханаларға, мәмлекетлик мақсетли қорларға, сондай-ақ, устав фондында (устав капиталында) мәмлекеттиң үлеси 50 процент муғдарында ҳәм оннан артық болған акционерлик жәмийетлерине қолланылады.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-апрельдеги «Коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў бойинша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм басқа да коррупцияның алдын алыўға байланыслы қабыл етилген нызам ҳүжжетлери туўралы да мағлыўматлар берилди.



Атап өтилгениндей, усы пәрман менен Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Миллий кеңестиң 2025-жыл 5-мартта өткерилген кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң дизими ҳәм әмелий илажлар бағдарламасы тастыйықланған. Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына усы пәрман ҳәм оған қосымшаларда белгиленген ўазыйпалардың сапалы, өз ўақтында ҳәм сөзсиз орынланыўы бойынша жеке жуўапкершиликлер жүкленди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўапкерлер тәрепинен жуўаплар алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги