Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан ҳаял-қызларының әдилликке теңдей кириўин тәмийинлеў бойынша жоқары дәрежедеги ушырасыў болып өтти

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң ағзасы Малика Кадирханова Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў академиясында ҳаял-қызлардың әдилликке теңдей кириўин тәмийинлеў мәселесине бағышланған жоқары дәрежедеги ушырасыўда қатнасты.
Илаж 2026-жылы өткерилетуғын Ҳаял-қызлар статусы бойынша комиссияның 70-сессиясына аймақлық таярлық процесиниң әҳмийетли басқышы болды.
Ушырасыў Өзбекстан ҳүкимети ҳәм “БМШ-ҳаял-қызлар” структурасының Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша Регионаллық офиси менен биргеликте шөлкемлестирилип, онда Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан делегациялары қатнасты.
Ушырасыўда сенатор мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың әдилликке кириў имканиятларын кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, алдынғы тәжирийбе ҳәм нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берди.
Илаж қатнасыўшылары ҳаял-қызлардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў, әдилликке мүрәжат етиўдеги бар тосқынлықларды сапластырыў, кемситиўге қарсы нәтийжели механизмлерди енгизиў, зорлықтан жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.
Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшы мәмлекетлер ҳаял-қызлар ушын әдилликке тең имканиятларды тәмийинлеў бағдарында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге садықлығын тастыйықлаўшы Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги