Жәҳән чемпионаты: боксшилеримиз қандай нәтийжелерге ериспекте?

6

 Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында бокс бойынша ересеклер арасындағы IBA яғный Халықаралық  бокс ассосациясы тәрепинен өткерилип атырған Жәҳән чемпионатында кеше ярым финал беллесиўлери болып өтти.

13 салмақ категориясы бойынша өткерилген беллесиўлердиң тоғызында мәмлекетимиз боксшилери финал жолламасы ушын рингке шығыўы тийис болса,  75 кг да жарысқа қатнасып атырған Фазлиддин Эркинбоев қолынан алған жарақаты себепли, жеңис оның қарсыласы қазақстанлы Сабыржан Аккаликовқа несип етти.

Ал, 60 кг салмақта беллесиўлерге қатнасып атырған Абдумалик Халоков, 67 кг да Асадхўжа Мўйдинхўжаев, 51 кг да Ҳасанбой Дўсматов, 80 кг да Жавоҳир Умматалиев, 92 кг да Тўрабек Ҳабибуллаев, +92 кг да Арман Маханов өз қарсыласларын әжайып тәризде жеңип, жәҳән чемпионатының финалына жол алды.

54 ҳәм 57 кг салмақта рингке шыққан Асилбек Жалилов ҳәм  Хўжаназар Нортожиевлерге бул рет әўмет күлип бақпады ҳәм Фазлиддин Эркинбоев сыяқлы чемпионаттың қола медалы менен қоса 75 мың доллар менен сыйлықланды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, IBA тәрепинен өткерилип атырған бул жәҳән чемпионатында чемпион 300 мың, гүмис медаль ийеси 150 мың, 3-орын жеңимпазлары 75 мың ҳәм 5-орынды алған боксшилер 10 мың АҚШ доллары менен сыйлықланады.

Чемпионаттың финал беллесиўлери 13-декабрь күни болып өтеди ҳәм онда Өзбекстан сайланды командасының 6 боксшиси жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы