Дийқан ҳәм фермерлердиң мийнети мүнәсип баҳаланды

7

“Аўыл хожалығы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен районларда зүрәәт байрамы илажлары болып өтпекте.

Шоманай районында да район орайында жайласқан пайызлы орынлардың биринде “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни” мүнәсибети менен зүрәәт байрамы өткерилди.

Оған, район ҳәкими А.Аметов, Өзбекстан фермерлер кеңеси баслығының орынбасары  М.Муҳаммеддинов, район прокуроры М.Матчанов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шоманай районлық бөлимшесиниң ҳәм Ишки ислер бөлиминиң басшылары, ҳәким орынбасарлары, тараўға тийисли мәкеме, кархана басшылары ҳәм фермерлер қатнасты.

Илажда алдыңғы фермерлер менен дийқанлардың елимиз қырманына қосқан үлеси атап өтилип, мүнәсип баҳаланды.

Байрам кешеси даўамында районда тараўдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан  бир қатар фермерлер менен дийқанлар Өзбекстан Фермерлер Кеңесиниң “Илғор фермер” көкирек белгиси ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам кешеси қарақалпақ эстрада жулдызлары атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги