Жоқарғы Кеңес Баслығы Қаратаў посёлкасы пуқаралары менен ушырасты

Елимизде «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарындағы жумысларды алып барыў ҳәм сол арқалы халықтың разылығына ерисиў бүгинги күни республикамыз ҳүкиметиниң баслы мақсетине айланған.
Сонлықтан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы басшысы алыс аймақларда халықты қыйнап киятырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларға унамлы шешим табыў мақсетинде, көше бийлери, мәҳәлле белсендилери менен ушырасыўлар өткерип, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алып келмекте.
Усындай ушырасыў Нөкис қаласынан дерлик 100 км узақлықта жайласқан пайтахтымызға қараслы Қаратаў посёлкасында болып өтти.





Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақта жасаўшы нураный-ақсақаллар, көше бийлери ҳәм белсендилер менен ушырасты ҳәм онда тийкарынан халықтың тиккелей кеўил-кейпиятына кери тәсир етип турған машқалалар, оларды унамлы шешиў жоллары бойынша жақыннан сәўбетлести. Атап айтқанда, ушырасыўда пуқаралар турақ жайларының кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, ақаба суў тармағы менен тәмийинлеў, социаллық жәрдемлер көрсетиў ҳәм басқа да усы сыяқлы турмыслық машқалалар бойынша мүрәжат етип, онда ҳәр бир көрсетилген мәселе белгилеп алынды ҳәм тийисли жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Өткерилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ш.Аминов қатнасты.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы