Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья Өзбекстанға келди

125

Парагвай Республикасы Президенти Сантьяго Пенья 11-декабрь күни рәсмий сапар менен мәмлекетимизге келди.

Жоқары мәртебели мийманды “Ташкент-Хумо” халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Қўчқоров ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Ташкент қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан менен Парагвай арасында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланыўы режелестирилген.

Соның ишинде, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты, санластырыў, туризм ҳәм спорт тараўларында әмелий шерикликти орнатыўға айрықша итибар қаратылады.

Парагвай жетекшиси, сондай-ақ, Халықаралық автомобиль федерациясы Бас ассамблеясында ҳәм федерация қәўендерлигинде өткерилетуғын жарыслардың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасады.

ӨзА