Корея университети менен шәртнама дүзилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Корея Республикасының абырайлы жоқары оқыў орынларынан бири – Far East университети делегациясының қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Бул ушырасыў университетлер арасында халықаралық бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм академиялық алмасыў бағдарларын кеңейтиўге қаратылған болып, тәреплердиң жаңа басқыштағы сөйлесиўлерине жол ашты.
Far East университети президенти Лиу Кее Ил басшылығындағы делегация ағзалары ең дәслеп мийманлар ҚМУ оқыў имаратында KOICA агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген корейс тили орайына барып, орайдың жумысы, оқыў процеси ҳәм корейс тилин үйрениўши студентлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Бул жерде корейс тили менен шуғылланып атырған студент-жаслар менен қызғын сәўбет өткерилип, олардың билим дәрежеси, тил үйрениў мотивациясы ҳәм келешектеги режелери ҳаққында пикирлести ҳәм жасларымыздың корейс тилине болған қызығыўшылық билимлендириўдиң сапасы ҳәм халықаралық бирге ислесиўдиң раўажланып атырғанын жоқары баҳалады.
Буннан соң делегация басшылары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы О.Дүйсенбаев пенен ушырасып, сәўбетлести.
Сәўбетлесиў барысында тәреплер арасында билимлендириў, илимий-изертлеў, студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар алмасыўы, қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланып, еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.





Әлбетте, дүзилген бул келисим бирге ислесиў келешекте қоспа жойбарлар, академиялық алмасыў бағдарламалары, мәдений-ағартыўшылық байланысларды буннан былай да раўажландырыў ушын беккем ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы