Пән олимпиадасының жеңимпазлары сыйлықланды

54

Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектептиң Нөкис филиалында тийкарғы пән олимпиадасының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Кожабаева оқыўшыларды қолға киргизген жоқары нәтийжелери менен қутлықлап, оларды тәрбиялап атырған ата-аналар ҳәм устазларына миннетдаршылық билдирди ҳәм оқыўшылардың Өзбекстан Республикасы басқышында да жеңимпаз болыўына тилеклеслик билдирди.

Соңынан жеңимпаз оқыўшылар диплом ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланып, биринши орын ийелерине 2 472 000 сум, екинши орынды алғанларға 1 648 000 сум, сыйлы үшинши орынды жеңип алғанларға 1 236 000 сум салтанатлы түрде тапсырылды.

Сондай-ақ, илажда улыўма командалық орында да жеңимпазлар анықланып, онда биринши орынды Нөкис қаласы, екинши ҳәм үшинши орынларды Төрткүл ҳәм Қоңырат районлары ийелеўге миясар болды ҳәм Нөкис қаласына министликтиң арнаўлы дипломы ҳәм кубоги тапсырылды.

Салтанатлы кеше жас талантлылардың концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы