Хызметкерлердиң коррупцияға қарсы турақлылық дәрежеси диагностикадан өткериледи

56

“Мәмлекетлик хызметте басқарыў нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманына бола, мәмлекетлик уйымларда хызметкерлердиң коррупцияға қарсы турақлылық дәрежесин диагностикадан өткериў системасы енгизиледи.

2026-жыл 1-январьдан коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структураларының басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери және усы лаўазымларға талабанлар, 2026-жыл 1-июньнен тараўларды қадағалаўға жуўапкер инспекцияларда коррупциялық қәўип-қәтер дәрежеси “жоқары” ҳәм “орта” болған функциялар жүкленген лаўазымларда жумыс алып барып атырған хызметкерлер және усы лаўазымларға талабанлар, 2027-жыл 1-январьдан басқа мәмлекетлик уйымларда коррупциялық қәўип-қәтер дәрежеси “жоқары” ҳәм “орта” болған функциялар жүкленген лаўазымларда жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәм усы лаўазымларға талабанлар диагностикадан өткериледи.

Диагностика Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң буйыртпасына муўапық Басшы кадрларды баҳалаў орайы тәрепинен өткериледи.

Диагностика нәтийжесине бола, хызметкердиң коррупцияға шыдамлылық дәрежеси “төмен” деп баҳаланыўы усы лаўазымда мийнет қатнасықларын даўам еттириўине тосқынлық ететуғын жағдай есапланады.

Онда хызметкер коррупциялық қәўип-қәтер дәрежеси “төмен” болған басқа лаўазымға мәжбүрий түрде ротатцияланады. Бос болған мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын ийелеўде жаңаша система енгизиледи

Пәрманға бола, мәмлекетлик уйымларда бос болған мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларын ийелеўде жаңаша система енгизиледи.

Оған бола, 2026-жыл 1-марттан мәмлекетлик пуқаралық хызметинде бар болған бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматлар “vacancy.gov.uz” электрон платформасында жәрияланады. Пуқараларға өзлерине мақул болған қәнигелик, лаўазым ҳәм мийнет ҳақыға байланыслы талапларды белгилеген ҳалда “vacancy.gov.uz” электрон платформасында “жумыс излеўши” статусында дизимнен өтиў имканияты жаратылады. “vacancy.gov.uz” электрон платформасында дизимнен өткен ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызметине кириў бойынша тест сынағын табыслы өткен пуқаралар усы платформада бар бос жумыс орынларына даўагерлик етиўи мүмкин болады.

Онда, пуқараларға тест сынақларын шахсты тастыйықлаў ҳәм сынақларды қадағалаўдың арнаўлы онлайн системасы арқалы ямаса Басқарыў нәтийжелилиги агентлигиниң арнаўлы үскенеленген ханаларында тапсырыў имканияты жаратылады. Тест нәтийжелери 1 жылға шекем әмел етеди. Таңлаўдың қосымша басқышы сыпатында өткерилетуғын тараўлық билимлерди баҳалаў бойынша тест сынақлары мәмлекетлик уйымлардың буйыртпаларына муўапық Агентлик жанындағы Басшы кадрларды баҳалаў орайы тәрепинен шәртнама тийкарында өткериледи.

Пәрманға бола, мәмлекетлик уйымларда кадрлар резервин жүргизиў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа тәртип енгизиледи. Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен Миллий кадрлар резервине киргизилген лаўазымлар ушын талабанлардың дизими еркин түрде қәлиплестириледи. Таңлап алыўдан өткен талабанлар тәрепинен жеке раўажланыў режесиниң орынланыўы “zaxira.bsa.uz” электрон платформасы арқалы мониторинг етиледи.

Потенциал кадрлар резервине талабанлар мәҳәлледе жумыс алып барып атырған мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторлары арасынан район (қала) ҳәкимлериниң жуўмағы тийкарында жумысшы топар тәрепинен таңлап алынады.

Агентлик тәрепинен мәмлекетлик пуқаралық хызметиниң басқарыў ҳәм сиясий лаўазым топарларына резерв еркин түрде қәлиплестириледи. Мәмлекетлик уйымларда нәтийжели хызмет етип атырған, бирақ басшылары тәрепинен усыныс етилмеген талабанларды еркин анықлаў ҳәм баҳалаў арқалы олар Миллий кадрлар резервине киргизиледи.

ӨзА