Экономиканың турақлы өсиўи талланды

24

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң (ЕТРБ) қаржы институтлары бойынша басқарыўшы директоры Франсис Малиж арасында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиў, әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм келешектеги режелерди додалады. Сондай-ақ, мәмлекет қатнасыўындағы банклерди меншиклестириў ҳәм трансформация процесслери де толық көрип шығылды.

Сөйлесиў даўамында экономиканың турақлы өсиўи, макроэкономикалық көрсеткишлер ҳәм алып барылып атырған социаллық-экономикалық ҳәм финанслық реформалардың нәтийжелилиги ҳаққында пикир алысылды.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм пикир алысыў процесслерин кеңейтиўге келисип алды.

Н.Зиёделлаева, ӨзА