Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы шеңбериндеги илажлар даўам етпекте

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Бас Ассамблеясының 2003-жыл 21-ноябрьдеги резолюциясына муўапық, 2004-жылдан баслап 9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни сыпатында белгиленеди.
Сәне мүнәсибети менен декабрь айында Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў айлығы өткерилмекте.
Айлық шеңберинде Ҳуқықты қорғаў академиясында “БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы қатнасыўшы-мәмлекетлери конференциясы модели: екинши басқышты әмелге асырыў көзқарасы” шөлкемлестирилди.
Онда Орайлық Азия юридикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң тыңлаўшыларынан ибарат 11 жәмәәт қатнасты.
Конференция еки басқыштан ибарат болып, онда қатнасыўшылар БМШ конвенциясы бойынша өз билимлерин көрсетти.
Атап айтқанда, биринши басқышта қатнасыўшылар Нигерия, Австралия, Германия, Португалия, Швейцария, Словения, АҚШ, Уллы Британия, Ирландия, Қубла Африка ҳәм Арқа Македония мәмлекетлериниң шәртли делегатлары сыпатында БМШ конвенциясының 55-статьясы, яғный конфискациялаў мақсетиндеги халықаралық бирге ислесиў қағыйдаларының усы мәмлекетлер нызамшылығында қолланылыўы бойынша есабат берди.
Конвенцияның 55-статьясы қатнасыўшы-мәмлекетлер өз аймағында жынайый дәраматларды, мүлкти ҳәм жынаят ислеў қуралларын конфискациялаў ҳаққындағы мүрәжатларды орынлаў ҳәм орынлаўға жибериў, бундай мүлклерди анықлаў, бақлаў, қамаққа алыў ҳәм де конфискациялаў ушын илажлар көриў ҳәм де усы статьяның жағдайларын ҳадал болған үшинши тәреплердиң ҳуқықларына зыян жеткеретуғын тәризде талқыланбаў сыяқлы қағыйдаларды белгилейди.
Илаждың екинши бөлиминде командалар өзлери қорғап атырған сырт елдиң тәжирийбеси тийкарында өз мәмлекетлеринде конфискациялаў мақсетинде халықаралық бирге ислесиў қағыйдаларын тәмийинлеўге қаратылған усыныслар арқалы миллий нызамшылықты жетилистириў бойынша шығып сөйледи.
Шәртли делегатлардың есабатлары ҳәм усыныслары Бас прокуратура, БМШ ҳәм GIZдиң тараўға байланыслы эксперт-қәнигелери тәрепинен баҳаланып барылды.
Бул илаж студентлерге БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы ҳәм алдынғы сырт ел конфискациялаў мәселелеринде халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин терең үйрениў ҳәм бул бағдардағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға жәрдем берди.
Н.Абдураимова, ӨзА