Мәмлекетлик бюджеттен социаллық тараўларға қанша қаржы ажыратылып атыр?

Сенат комитетлеринде “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам кеңнен додаланбақта.
Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети мәжилисинде дәраматы бираз артқан, бирақ кәмбағаллық шегарасында турған шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде “социаллық пакет” енгизиў белгиленетуғыны атап өтилди.
Жүриў, жуўырыў, мини-футбол, велоспорт, бадминтон, стритбол ҳәм “Workout” спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў мақсетлери ушын 85 миллиард сум қаратылыўы нәзерде тутылмақта.
Мәмлекетлик театрлар мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан мәмлекетлик буйыртпаны орынлаў шәрти менен басқышпа-басқыш жойбарлық қаржыландырыў системасына өтиўи белгиленбекте.
Жаслардың стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде ең алдынғы технологияларды алып келип, 100 жергиликли стартапты халықаралық көлемде тартымлы бизнеске айландырыў ушын 50 миллиард сум қаратылмақта.
***
Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети мәжилисинде 2026-жылы билимлендириў ҳәм илим тараўына 102,7 триллион сум, денсаўлықты сақлаў тараўының қәрежетлерине 48,9 триллион сум ажыратылыўы режелестирилип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, улыўма билим бериў мектеплерин сабақлық, шынығыў дәптери ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар менен тәмийинлеў ушын 2026-жылы дерлик 2 триллион сум ямаса 2025-жылға салыстырғанда 53 процентке көбирек қаржы қаратыў нәзерде тутылмақта.
Комитет мәжилисинде балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў бойынша көрилип атырған илажлар бойынша Денсаўлықты сақлаў министрлигине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери де дәслепки тәризде додаланды.
Республика бойынша 4 мың 247 орыннан ибарат 13 аймақлық балалар көп тармақлы медицина орайы шөлкемлестирилген. Өткен жылы республика бойынша 18 жасқа шекемги балалардың 95,5 проценти медициналық тексериўден өткерилип, олардың 28,8 процентинде түрли кеселликлер анықланған. Оларды саламатландырыў илажлары көрилген.
Медицинада үш буўын (бирлемши, екилемши ҳәм республикалық орайлар) арасында мағлыўматлар алмасыў имканиятын беретуғын Бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы енгизилген.
Сенаторлар балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў ҳәм тараўға илим жетискенликлерин енгизиў бойынша шешилиўи керек болған айырым мәселелер әҳмийетлилигинше қалып атырғанын атап өтти. Атап айтқанда, көпшилик басланғыш система емлеўханаларында балалар хирургиялық бөлимлери шөлкемлестирилмеген, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм аймақлық балалар көп тармақлы медицина орайларының хирургиялық бөлимлеринде жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятлар жолға қойылмаған.
Балалар стационар емленетуғын емлеў-профилактика мәкемелери және мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи мәкемелериниң медицина ханаларын дәри-дәрмақ пенен толық тәмийинлеў механизмлерин жетилистириў бойынша зәрүр илажлар көрилмеген.
Додалаў жуўмағында тийисли қарарлар қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА