Қәдириятларды сақлаўда ысырапгершиликке жол қойылмайды

60

Кегейли районында той ҳәм басқа да шаңарақлық мәресимлерди ықшамластырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған мәҳәлле жетилиги ўәкиллери, көше бийлери, ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм өмири даўамында көпти көрген, тәжирийбели нуранийлар қатнасты.

Илажда райондағы бир топар жуўапкер шөлкемлердиң басшылары шығып сөйлеп, той-мерекелерди ықшамластырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирдип, райондағы бир қатар шөлкемлер өз-ара келискен ҳалда, түсинисиў меморандумын тастыйықлады.

Онда белгиленген тәртипке бола, 2026-жылдан баслап Кегейли районында той ҳәм басқа да шаңарақлық мәресимлер заманагөй тәртип бойынша ықшамластырылады. Атап айтқанда, енгизилежақ жаңа тәртипке бола, ендигиден былай салтанатлы тойлар ҳәм басқа да шаңарақлық мәресимлер тек ғана 1 күн, азанғы саат 6:00 ден кешки саат 11:00 ге шекем өткериледи. Той-мерекелерди өткериўде көше бийлериниң ўазыйпасы күшейтилип, олар той ийеси менен бирге пуқаралар жыйынына барады ҳәм руқсат алады. Аўыллық жерлерде 250-300 адамға руқсат берилип, дәбдебели, ким озарға берилетуғын тойлар тоқтатылады. Жаслар сейилине шығатуғын келин-күйеўлер ушын тек ғана 3 автомашина жүриўине руқсат етиледи. Сондай-ақ, той өткерилетуғын ресторан, тойхана, той басқарыўшылары ҳәм мәдений хызмет көрсетиўши артистлер менен той ийеси арасында шәртнама дүзилип, олар усы дүзилген шәртнама тийкарында халыққа хызмет көрсетеди.

– Бурын районымызда бир күн бурын қонық, бүгин той, ертең қуда шақырық, жаслар тойы деп 3 күнлеп ўақтын кетирип жүретуғын еди, – дейди «Нураный» қоры районлық бөлиминиң баслығы Тажетдин Даўлетов. – Ендигиден былай миллийлигимизге сәйкес келмейтуғын «годик той», 40-50 жасқа шыққан юбилей той, оқыўға кирген шашыў тойлар,  марҳумның «жетиси», «қырқы», «жүзи», «жылы» сыяқлы мәресимлер өткерилмейди. Улыўма мәресимлердиң тәртипли өткерилиўин тәмийинлеў аймақлардағы ишки ислер бөлими ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлерге тапсырылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы