Суд-ҳуқық жумысы ҳәм коррупцияның алдын алыў ушын келеси жылы 5,7 триллион сум ажыратыў нәзерде тутылмақта

52

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети және Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң қоспа мәжилисинде “2026-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Мәжилисте 2026-жылы мәмлекетлик бюджетте суд-ҳуқық жумысы ҳәм коррупцияның алдын алыў ушын 5,7 триллион сум нәзерде тутылып атырғаны атап өтилди.

2026-жылы коррупцияның алдын алыўға қаратылған әҳмийетли превентив механизмлерди буннан былай да жетилистириў, мәмлекетлик басқарыўда бюрократияны азайтыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, санластырыў арқалы инсан факторын азайтыў бағдарында нәзерде тутылған қаржылар ҳәм олардың нәтийжелилигине айрықша итибар қаратылды.

Өз гезегинде, 2026-жылы биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылған қаржылардың муғдары, қәрежет бағдарлары ҳәм бюджеттен ажыратылған трансфертлердиң жумсалыўының нәтийжелилиги ҳәм мақсетке муўапықлығына ерисиў бойынша усыныслар берилди.

Додалаў жуўмағында комитетлердиң биргеликтеги қарары қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА