Қызларымыз Олимпиада қалашасында беллести

12

Ташкент қаласындағы Олимпиада қалашасында жайласқан жеке гүрес спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт комплексинде миллий гүрес бойынша мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери арасында «Өзбек палўаны» республикалық жарысы болып өтти.

Бул жарысқа республикамыз палўанлары да қатнасып, жеңимпазлық ушын кескин гүрес жүргизди ҳәм сыйлы орынларды ийелеўге миясар болды.

Атап айтқанда, 78 кг салмақта Бийбиасия Әжимуратова қола медалын жеңип алған болса, ең аўыр +78 кг салмақта Жулдыз Төлепова финалға шекем жетип келип, гүмис медаль ийесине айланды.

Жеңимпаз палўанларымызды бул жарысқа тренерлерден Нөкисбай Данияров ҳәм Жамшид Турабаевлар таярлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы