Жүрегимизде жайласқан муқаддес қосық

123

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик нышанлары халқымыздың миллий мақтанышын, тарийхын ҳәм келешекке болған беккем исенимин сәўлелендиреди. Олардың арасында Мәмлекетлик гимн айрықша орын ийелейди. Ол елимиздиң жүрегинде жайласқан муқаддес қосық болып есапланады. Ол ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин оятып, халқымызға тән жоқары пазыйлетлерди қәдирлеўге шақырады.

1992-жылдың 10-декабрь күни “Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилди. Бүгин мине, усы тарийхый сәнеге 33 жыл толды. Бул сәне ҳәр бир пуқараның қәлбинде әҳмийетли қәдирият сыпатында мөрленип қалған. Себеби гимн – бул халықтың арзыў-нийетлери, бирден-бир мақсет ҳәм беккемленген бирлигиниң көриниси.

Гимн жаңлағанда ҳәр бир пуқараның қәлбинде Ана – Ўатанға болған айрықша меҳир ҳәм мақтаныш сезими пайда болады, ықтыярсыз нама сеслерине қосып атқарады. Бул сезимлер ҳәр бир инсанды мәмлекетимиздиң раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен хызмет етиўге, және де белсенди болыўға шақырады.

Әсиресе, спорт майданларында, Олимпиада ареналарында жеңимпаз спортшыларымыз байрағымызды көклерге көтериў менен бирге, гимнимиздиң ҳаўазларын дүньяға жаңлатып атырғаны – елимиздиң абырайы, халқымыздың даңқы қаншелли жоқары екенин көрсетеди. Бул мақтанышлы демлерди көз көрип, жүрек сезгенде, ҳәр биримиз Ўатанның ажыралмас бөлеги екенимизден және бир мәрте мақтанамыз.

Гимнимиз – халқымыздың руўхын, тәбиятын, қүдиретин сәўлелендирген бийбаҳа музыкалық шығарма. Оның ҳаўазында халқымызға тән мийнет сүйгишлик, мәртлик ҳәм жигерлилик, қуўаныш ҳәм жақсылық өмири жәмленген. Соның ушын оннан балалар да, нураний кекселер де бирдей руўхланады.

Мәмлекетлик гимн жас әўладтың тәрбиясында үлкен әҳмийетке ийе – оларды Ўатанға муҳаббатлы, руўхый жақтан жоқары ҳәм физикалық жақтан саламат болып өсиўге жетеклейди.

Ҳәр күни азанда билимлендириў мәкемелеринде, байрамларда ямаса үлкен илажларда гимн жаңлаўы – бул Ўатанның абырайын бәрқулла жүректе сақлаў, ғәрезсизлик идеяларына садықлық пенен жасаўға шақырыў болып есапланады.

Гимн – тынышлық, татыўлық, абаданлық жолында биргеликте ҳәрекет етиўге ҳәм келешекти биргеликте қурыўға ийтермелейтуғын қүдиретли руўх дереги.

Улыўмаластырып айтқанда, гимнимиз тек ғана қүдиретли музыкалық шығарма емес, ал үлкен мақсетлерге жетеклейтуғын идеологиялық күш, халқымыздың бирлиги ҳәм аўызбиршилигиниң тымсалы болып есапланады. Ҳәр бир қатарында муқаддес Ўатанға шексиз муҳаббат, мақтаныш ҳәм елдиң раўажланыўына қаратылған ийгиликли идеялар жәмленген.

Гимнимиздиң ҳәр бир қатары намасы қәлбимизде ҳәмийше жаңласын!

 

Жанар Алиева,

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң депутаты,

райондағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры.

Қарақалпақстан хабар агентлиги