Тексериў илажлары даўам етпекте

Республикамыз бойлап, атмосфера ҳаўасына зыянлы шығындылар шығарып атырған дереклерди анықлаў ҳәм сапластырыў мақсетинде рейд илажлары өткерилмекте.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Экология басқармасы, Прокуратура, Ишки ислер ҳәм Миллий гвардия хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар тәрепинен қала ҳәм район аймағында жайласқан кәрханаларда рейд илажы өткерилди.
Оператив илаж даўамында Нөкис қаласы аймағында пискен гербиш ислеп шығарыў цехлары ҳәм ыссыханаларда үйрениў жумыслары алып барылмақта. Үйрениўлер даўамында қоршаған орталыққа зыян жеткериў жағдайлары анықланып, олардың басшыларына тийисли ескертиў хатлары берилип, жумысы ўақытша тазалаў үскенеси толық иске қосылғанша тоқтатылды. Ыссыхана басшыларына көмирдиң түтинсиз жаныўын ҳәм тазалаў үскенелериниң турақлы ислеўин қадағалаў бойынша тийисли көрсетпелер берилип, қадағалаўға алынды.

Бул жағдай бойынша жуўапкерлерге бар кемшиликлерди сапластырыў, экологиялық қәўипсизлик талапларына қатаң әмел етиў ҳәм халыққа қолайлы жасаў орталығын жаратыўға қаратылған ўазыйпалар белгилеп берилди.
Бүгинги күнде экологиялық орталықты жақсылаў, қоршаған орталыққа зыян келтиретуғын факторларды азайтыў ҳәм халық ушын қолайлы экологиялық шараят жаратыў мақсетинде үйрениў жумыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги