Гимн — Ўатанға садықлық ҳәм бирлик тымсалы

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да 10-декабрь – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық илаж шөлкемлестирилди.
Азанғы сап тартыўда профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер ҳәм студент-жаслар бир қатарға дизилип, мәмлекетлик гимнди атқарды.
Мәмлекетлик гимн – халықтың өзлигин, руўхый бирлигин, миллий қәдириятларын жәмлеген уллы қосық. Илаж даўамында гимнниң мазмун-мәниси, тарийхы, оның жаслар тәрбиясындағы орны, Ўатан алдындағы жуўапкершилик сезимин қәлиплестириўдеги әҳмийети ҳаққында пикирлер билдирилди.

Әлбетте, бәршениң бир ҳаўазда атқарған гимни ҳәр бир пуқараның кеўилинде ўатансүйиўшилик сезимин күшейтип, мақтаныш оятады. Қатнасыўшылар ушын бул сәне тек ғана рәсмий илаж емес, ал миллий бирлик ҳәм аўызбиршилик тымсалын терең сезиў имканиятына айланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги