Адамгершилик ҳәм мийрим-шәпәәттиң жоқары үлгиси

Елимизде болып атырған жаңаланыў процесслеринде инсан қәдири, оның қәдир-қымбатын үстин билиў реформалардың тийкарғы мазмун-мәнисине айланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының әмелий тастыйығы сыпатында “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилгени елимиздеги жаңаланыў процесслериниң инсаныйлығынан дәрек береди.
Халқымыз әзелден адамгершилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимлилик сыяқлы уллы пазыйлетлерди турмыс өлшемине айландырып келген. Қәтелескен инсанның дурыс жолға қайтыўына исениў, оны қоллап-қуўатлаў, имканият ҳәм үмит бериў сыяқлы жақсы дәстүр елимизде бүгин де даўам етпекте.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова бул ҳүжжет бойынша төмендеги пикирлерди билдирди.
– Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ҳәр жылы қутлы байрамлар алдынан әпиў етилиўи мине усы халықшыл қәдириятлардың әмелдеги айқын көриниси.
Бул әмелият инсан қәдирин жоқары қойыў, жәмийетимиздиң руўхый-ағартыўшылық пәклениўи, кеңпейиллиги ҳәм әдилликке садықлығын сәўлелендиреди.
Усы мәнисте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында”ғы пәрманы жәрияланғаны мине усы уллы дәстүрдиң өзине тән даўамы болып есапланады.
Конституция қабыл етилген күн мүнәсибети менен әпиў етилгенлер қатарында 29 ҳаял-қызларымыздың бар екенлиги болса, айрықша қуўанышлы. Себеби ҳаялдың жәмийет ҳәм шаңарақтағы орны, перзент тәрбиясындағы жуўапкершилиги шексиз.
Қылмысынан шын кеўилден пушайман болып, дурыс жолға қайтыўға беккем бел байлаған бул ҳаяллар ушын әпиў – жаңа өмир баслаў, шаңарағының қушағына қайтыў ушын жүдә үлкен имканият.
Усы жерде ойшыл алым Ахмед Югнакийдиң “Туўры бол, туўры ис ет, халық сениң туўры жолда екениңизди билсин” деген ҳикметин тилге алыў орынлы.
Ҳақыйқатында да, бул мазмунлы үгит инсанды ҳәр бир әмелде дурыслық ҳәм пәкликке шақырады. Дурыс жол танлаған, ҳадал нийет пенен жасаған инсанды жәмийеттиң өзи тән алады.
Мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған исеним, бәринен бурын, инсан қәдирин улығлаў принципиниң әмелий үлгиси болып есапланады. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети бул ҳаял-қызлардың турмысқа қайта бейимлесиўи, өз орнын табыўы, шаңарағы менен беккем қатнасықларды тиклеўи ушын зәрүр жәрдем ҳәм көмек көрсетиўди даўам еттиреди.
Жанажан Ўатанымызда инсан қәдирин жоқарылатыў, әдиллик ҳәм мийрим-шәпәәт принциплерине садықлық бәрқулла үстин болып қалсын.
Назокат УСМОНОВА, ӨзА