Глобал сапа инфраструктурасы индексинде 29-орынға көтерилди

Өзбекстан Миллий аккредитация системасы
“Өзбекстан аккредитация орайы” МУК баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, усы жылғы Глобал сапа инфраструктурасы индекси нәтийжесине бола, Өзбекстан аккредитация хызмети 185 мәмлекет арасында 29-орынды ийеледи.
Өткен жылы “Өзбекстан аккредитация орайы” МУК (ӨЗАКК) 39-орында болған еди.


Глобал сапа инфраструктурасы индекси миллий сапа инфраструктурасы системаларының раўажланыўын баҳалаў ушын инновациялық қурал болып есапланады. Ол Месопартнер тәрепинен Германия Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў федерал министрлиги (BMZ) ҳәм Германия Федераль физика-техника институты (PTB) жәрдеминде ислеп шығылған болып, дүнья бойлап 185 экономиканы баҳалайды.
Индекс сиясатшылар, сапа инфраструктурасы қәнигелери, изертлеўшилер ҳәм қаржыландырыў агентликлери ушын баҳалы мағлыўмат дереги есапланады. 2025-жылғы есабатта жәмийетшиликке ашық мағлыўматлар тийкарында жаңаланған аналитикалық нәтийже усыныс етилген. Соның менен бирге, сапа инфраструктурасын глобал саўда, турақлы раўажланыў ҳәм технологиялық өзгерислер менен байланыстыратуғын жаңа тенденциялар атап өтилген.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, “Өзбекстан аккредитация орайы” МУК 6 жыл даўамында жумыс алып барып келмекте. Қысқа ўақыт ишинде Орай халықаралық тән алыўға еристи ҳәм ILAC MRA / IAF MLA Көп тәреплеме Келисимлерине қол қойды. Ҳәзирги ўақытта болса IAF/ILAC тийкарында жаңадан шөлкемлестирилген GLOBAC халықаралық шөлкеми тәрепинен тән алынған.
Бүгинги күнде ӨЗАКК 15 бағдарда халықаралық стандартлар бойынша хызмет көрсетип келмекте, 2026-жылы және 6 халықаралық стандарт бойынша жаңа схемаларды енгизиў режелестирилген.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА