Ҳадал жәмийет – турақлы раўажланыў тийкары

9-декабрь – Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни
Коррупция – жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына зыян келтиретуғын қәўипли жынаят болып, ол қайсы бир мәмлекет ямаса регионда толық сапластырылған, деп айта алмаймыз. Бүгинги күнде дүнья бойынша парахорлық көлеми жылына 1 триллион долларға баҳаланбақта. Жәҳән экономикасы коррупциялық жумыс ақыбетинде және 2,6 триллион доллардан аслам қаржы жоғалтпақта.
Бул болса глобал жалпы ишки өнимниң 5 процентинен көбирегин қурайды. Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының мағлыўматларына бола, раўажланып атырған мәмлекетлерде коррупция менен байланыслы жоғалтыўлар раўажланыў мақсетлери ушын ажыратылатуғын рәсмий жәрдемнен 10 еседен көп.
Ҳәр жылы 9-декабрь күни пүткил дүньяда Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни белгиленеди. БМШ басламасы менен енгизилген бул сәне жәмийет, бизнес ҳәм мәмлекетлик басқарыўдағы ең аўыр машқалалардан бири – коррупцияға қарсы гүресиўдиң әҳмийетли екенлигин және бир мәрте еслетеди.
Бүгинги глобал экономикада коррупция тек ғана мәмлекетлик бюджетке миллиардлап зыян жеткерип қоймастан, ал жәмийетте әдалатсызлық, теңсизлик, исенимсизлик орталығын күшейтпекте. Сол себепли коррупцияға қарсы системалы гүрес тек ғана экономикалық емес, ал руўхый, социаллық ҳәм сиясий турақлылық ушын да шешиўши әҳмийетке ийе.
Соңғы жыллары Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында сезилерли реформалар әмелге асырылмақта. Мысал ушын, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң шөлкемлестирилиўи, мәмлекетлик сатып алыўлардың санластырылыўы, лицензия ҳәм руқсатнама процесслерин әпиўайыластырыў бул иллеттиң алдын алыў илажларын сезилерли дәрежеде жақсылады.
Билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында ашық-айдынлық стандартларын күшейтиў арқалы коррупцияға қарсы гүрес тек ғана жазаға тийкарланбай, ал системалы профилактика, санластырыў ҳәм басқарыўды заманагөйлестириў арқалы алып барылмақта.
Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни жәмийетти ҳадаллық, ашық-айдынлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында қайта қурыўға шақыратуғын шақырық. Коррупция барлық мәмлекетлер ушын улыўмалық болса да, оған қарсы гүресиўдиң табысы ҳәр бир мәмлекеттиң сиясий ерк-ықрары, жәмийеттиң белсендилиги ҳәм ҳәр бир пуқараның жеке жуўапкершилигине байланыслы.
Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзАның хабаршысы