Беруний районында мийўели бағ ҳәм жүзимзарларды раўажландырыў бойынша әмелий семинар өткерилди

Беруний районының Шаббаз аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Азат интенсив бағ” фермер хожалығында мийўели бағ-жүзимзарларды кеңейтиў, барлары ҳаққында мағлыўматларды электрон платформаға киргизиў ҳәм гүзги агротехникалық илажларды сапалы шөлкемлестириў бойынша көргизбели әмелий семинар болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаатты раўажландырыў агентлиги, сондай-ақ, оның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бөлимлеринен жуўапкер қәнигелер қатнасып, бағшылықта алдынғы технологияларды енгизиў бойынша әмелий түсиниклер берилди.
Семинар даўамында жүзим нәллерин гүзги суўықлардан қорғаўдың заманагөй, үнемли ҳәм нәтийжели усыллары бойынша тәжирийбе шынығыўлары өткерилип, фермерлер ҳәм қәнигелерге әмелий көрсетпелер берилди.



Илаж усы бағдарда хызмет көрсетип атырған фермер хожалықлары ушын тәжирийбе алмасыў, илимий тийкарланған усылларды әмелиятқа енгизиў ҳәм өнимдарлықты арттырыўда әҳмийетли орын иелейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги