Әҳмийетли ҳүжжеттиң 33 жыллығына бағышланды

Тақыятас районындағы 7-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда район ҳәкиминиң биринши орынбасары С. Алламбергенов ҳәм район прокуроры А. Қыпшақбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды бас нызамымыз болған конституция қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Илажда раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған мәмлекетимиздиң жаңаланған Конституциясы барлық тараўлардағы реформаларды әмелге асырыўда, елимиздиң бүгинги жоқары раўажланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли ҳүжжетке айналғанлығы атап өтилди.

Байрам мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги